ЮНЕСКО сессиясының “жүреги”: Самарқандта шөлкемлестирилген Баспасөз орайынан репортаж

87

Усы күнлерде дүнья бойлап жүзлеген журналистлер бир ўақыттың өзинде Самарқанд ҳаққында жазбақта. Олар жазған ҳәр бир қатар, эфирге шыққан ҳәр бир көринис арқалы Өзбекстанның даңқы дүньяға жайылмақта.

ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Самарқандта шөлкемлестирилген Баспасөз орайы ҳаққында да усындай пикирлерди билдириў мүмкин.

Сессия илажларын сәўлелендириўде дүнья ҳәм мәмлекетимиздеги жетекши ғалаба хабар қуралларынан бес жүзден аслам журналист қатнасып атырғаны айтылмақта.

Баспасөз орайы тек ғана техникалық қолайлықлар емес, ал мәлимлеме ашық-айдынлығы ҳәм халықаралық қарым-қатнас мәдениятының көргизбеси сыпатында жумыс алып бармақта. Журналистлер ушын жоқары тезликтеги интернет, заманагөй компютерлер, жанлы эфир студиялары, арнаўлы сүўретке алыў аймақлары, дилмашлар топарлары шөлкемлестирилген.

Бундай инфраструктура информацияның тез ҳәм исенимли тарқалыўын тәмийинлейди. Бул тек ғана қолайлық емес, ал Өзбекстанның ашық дүньяға қаратылған мәлимлеме сиясатының әмелий көриниси болып есапланады. Баспасөз орайы арқалы Самарқандтағы ҳәр бир ўақыя дүнья мәлимлеме майданында өз ўақтында ҳәм анық түрде сәўлеленбекте.

Сессия қарсаңында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын арнаўлы брифинг өткерди. Бул тек ғана илаждың мазмуныныӊ байлығын емес, ал мәлимлеме байланысларының жоқары дәрежеде жолға қойылғанын да көрсетти.

ЮНЕСКОның бул сессиясы соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте Париждеги бас резиденциядан тысқарыда ҳәм биринши мәрте Орайлық Азияда өткерилип атырғаны менен тарийхый әҳмийетке ийе. 190 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлерден 2 мың 800 ден аслам ўәкил, соның ишинде, 70 ке шамалас жоқары дәрежели шахс қатнасып атырған бул форум регионның ең абырайлы халықаралық әнжуманларынан бирине айланды.

Баспасөз орайынан узатылып атырған ҳәр бир хабар тек ғана бул ўақыя ҳаққында емес, ал мәмлекетимиздиң имиджи ҳаққында да сөз етпекте.

 

Икром АВВАЛБОЕВ,

Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары