Петер Пеллегрини: қағыйдалар адамларды қорғайды, раўажланыўды тоқтатпайды

75

Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы илажлары даўам етпекте. Бүгин өткерилген гезектеги жалпы мәжилисте елимизде әмелий сапар менен болып турған Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини шығып сөйледи.

– Бүгин биз мәдениятлар кесилиспесинде жайласқан тарийхый Самарқанд қаласында дүнья өзгерип атырған бир ўақытта ушырасып турмыз. Тарийхый дәстүр ҳәм қәдириятлар жоғалып бармақта, глобаллық тәртиптиң тийкары болған халықаралық ҳуқық басым астында. Бундай жағдайда ЮНЕСКО қәдириятларды қәстерлеп сақлап, бүгинги турмыс ҳәм әмелият пенен байланыстыратуғын сийрек ушырасатуғын платформа болып қалмақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлер ушын көп тәреплеме бирге ислесиў саўлат ямаса қүдирет емес, ал зәрүрлик екени айқын көзге тасланбақта.

Бурынғы билимлендириў министри сыпатында билимлендириў дүньядағы барлық халықлар ушын тынышлыққа алып баратуғын жол екенин атап өтпекшимен. Ол тек билим емес, ал ҳүрмет, кеңпейиллик, тилеклесликти үйретеди. Билимлендириўсиз тынышлық, тынышсызлық раўажланыў жоқ. Соның ушын да Словакия ЮНЕСКОның жаңа – “Тынышлық ушын билимлендириў” бағдарламасын қоллап-қуўатлайды. Бул негизги идеяны қайта тиклейди. Билимлендириў турмысты ҳәм жәмийетти өзгерте алады, ол тек ғана сиясат емес, ал тынышлыққа ҳәм инсан руўхыйлығына қойылған инвестиция болып есапланады.

Биз системаны және де инклюзив, дөретиўшилик ҳәм келешекке бағдарланған тәризде реформаламақшымыз. Биз муғаллимлерди таярлаймыз ҳәм жаслар келешекке исеним менен қараўы ушын санлы көнликпелерди раўажландырыўға итибар қаратамыз. Усы мақсетте ноябрь айының ақырында пайтахтымыз Братиславада Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми менен биргеликте билимлендириў ҳәм жасалма интеллект бойынша глобаллық форум өткермекшимиз. Онда жасалма интеллект бойынша пикир алысамыз. Бизиң пикиримизше, бүгин жасалма интеллектке имканият, соның менен бирге машқала сыпатында баҳа бериў керек.

Бул бағдарда ЮНЕСКОның жасалма интеллектти мектеп ҳәм жәмийетте қолланыў және бул бағдарда анық әдеп-икрамлылық қәдириятларды ислеп шығыў бойынша басламаларын мақуллаймыз. Нәтийжеде, қағыйдалар адамларды қорғайды, раўажланыўды тоқтатпайды. Словакия жасалма интеллектке мине усындай тең салмақлылықты итибарға алған ҳалда мектеплеримиз инсаный, технологияларымыз болса жуўапкершиликли болыўы ушын инвестиция киргизеди, деди Словакия Президенти ҳәм ЮНЕСКО бәрқулла инсанның қәлбин ҳәм мәдениятын қорғағанын, материаллық ҳәм материаллық емес мийрасты сақлаў арқалы өзлигимизди ҳәм ҳәр түрлилигимизди сақлап қалыўымызды айрықша атап өтти.

ӨзА