Теориялық билимлер әмелият пенен беккемленбекте

87

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика кафедрасы студентлерге әмелий көнликпелерди үйретиў мақсетинде,  бир қатар жаңа басламаларды әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, кафедраның ассистент оқытыўшысы М.Темирбаева өзине бириктирилген 5-курс сыртқы тәлим журналистика қәнигелиги студентлери менен “Жаслар ТВ” телеканалында болды. Бул илажлар әсиресе, “Кәсип ийеси” дуал тәлим шәртнамасы тийкарында әмелге асырылыўы менен айрықша итибарға ылайық. Өткерилген жойбар студентлерге тек ғана теориялық билимлер емес, ал әмелий тәжирийбе топлаў, оларды журналистика тараўында өз кәсибин толық ийелеўине имканият жаратады. “Кәсип ийеси” дуал тәлими студентлер ушын әмелий тәжирийбе алыў ҳәм кәсиплик билимлерди беккемлеўде әҳмийетли роль атқарады. Бунда журналистика кафедрасы ҳәм “Жаслар ТВ” телеканалы менен биргеликте, болажақ журналистлер ушын ҳақыйқый журналистика процесслерин үйретиў мақсетинде түрли семинарлар, ашық сабақлар шөлкемлестирип келмекте. Илажлар даўамында студентлер мақала жазыў, интервью алыў, аналитикалық ҳәм журналистлик тексериў өткериў, газетада ислеў процесин де әмелиятта өз көзлери менен көрди. Бул бирге ислесиў қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студентлериниң журналистика тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин және де арттырыў ҳәм оларды әмелиятта беккемлеўде әҳмийетли орын тутады.

– “Жаслар ТВ” телеканалы менен бирге ислесиў, студентлерге тек ғана журналистика тийкарларын үйрениўге жәрдем берип қоймастан, ал оларды журналист сыпатында ҳақыйқый жумыс ислеўге таярлайды, – дейди журналистика кафедрасының ассистент оқытыўшысы М.Темирбаева. – Әлбетте, бундай илажлар жас журналистлердиң креатив пикирлеўи ҳәм профессионаллығын раўажландырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги