Өзбекстан ҳәм Сербия Биринши ханымлары “Имкан” балалар бақшасына барды

80

Өзбекстан Республикасы Президентиниң өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева ҳәм Сербия Республикасы Президентиниң өмирлик жолдасы Тамара Вучич биргеликте Ташкент ўәлаяты Қибрай районындағы реабилитация орайына ийе болған “Имкан” көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине барды.

Мийманларды орайдың қәнигелери күтип алып, бул жерде айрықша күтимге мүтәж балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын жаратылған шараятлар ҳаққында айтып берди. “Имкан” орайы балалар бақшасы, логопедиялық ҳәм психологиялық жәрдем, сондай-ақ, медициналық ҳәм социаллық реабилитацияны өз ишине алады.

Танысыў даўамында Зироат Мирзиёева ҳәм Тамара Вучич балалар, тәрбияшылар ҳәм ата-аналар менен сәўбетлесип, бундай мәкемелердиң инклюзив жәмийетти беккемлеўдеги әҳмийетин атап өтти.

Өзбекстанның Биринши ханымы инклюзив билимлендириў системасын раўажландырыў балалар ҳуқықларын қорғаўдың әҳмийетли бағдарларынан бири екенин атап өтти. Өз гезегинде, Сербия Президентиниң өмирлик жолдасы Өзбекстанда айрықша күтимге мүтәж балаларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықтан таң қалғанын билдирди және орайдың жумысын жоқары баҳалады.

ӨзА