Ўазыйпаларды системалы әмелге асырыў бойынша илажлар белгиленди

64

Елликқала районындағы “Ақшакөлши Рейимберген” фермер хожалығында Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрдеги ПҚ-465-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған әмелий семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баслығы Р.Шербаев, тараўға қәнигелескен қәнигелер ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Семинар даўамында районда бар жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, атыз шетлери есабынан қосымша майданларды өзлестириў, коллектор-дренаж тармақлары әтирапларынан нәтийжели пайдаланыў, экспортқа бағдарланған егин түрлерин егиў, зүрәәтлиликти арттырыўға қаратылған агротехникалық илажлар бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, қыйтақ жерлеринен ақылға муўапық пайдаланыў, халықтың өзин-өзи азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўди күшейтиў, бос майданларда қосымша өним алыў мәселелери талқыланды.

Ушырасыўда қатнасыўшыларға әмелий усыныслар берилип, қарарда нәзерде тутылған ўазыйпаларды районда басқышпа-басқыш ҳәм системалы әмелге асырыў бойынша анық илажлар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги