Мектеплерде нықап тағыў тәртиби енгизилди ме?

Соңғы күнлерде социаллық тармақларда 30-октябрьден баслап Ташкент қаласындағы мектеплерде медициналық нықап тағыў тәртиби енгизилип атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалды.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул мағлыўматларға түсиник берип, тарқалған хабарлар тийкарсыз екенин мәлим етти.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Отабековтың сөзлерине бола, социаллық тармақларда бул мәселе надурыс талқыланбақта. Оларда Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитариялық шыпакери тәрепинен быйыл 26-сентябрьде қабыл етилген қарар тийкар етип көрсетилип атыр. Бирақ ҳүжжет сентябрь айында, яғный мәўсимлик өткир респиратор кеселликлер ҳәм грипп ҳәўиж алыўынан алдын қабыл етилген. Бул ҳәр жылы әмелге асырылатуғын әдеттеги профилактикалық илажлардан болып, қарарда эпидемиялық жағдай қыйынласқан жағдайда ғана медициналық нықап тағыў усыныс етилген.
– Ҳәзирги ўақытта эпидемиологиялық жағдай турақлы, соның ушын мектеплерде ғалаба маска тағыўға зәрүрлик жоқ. Егер қайсыдур класс ямаса топарда кеселлениў жағдайлары дизимге алынса, сол орталықтағыларға нықап тағыў усыныс етиледи, -деди Н.Отабеков.
Мағлыўмат ушын айтыў керек, қәнигелер ҳаўа-тамшы жолы арқалы жуғатуғын кеселликлерден қорғаныў ушын социаллық аралықты сақлаў ҳәм сөйлесиў ўақтында медициналық нықап тағыўды пайдалы деп есаплайды.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматына бола, ҳүжжетте нәзерде тутылған нықап тағыў тәртиби орынлардағы реал эпидемиялық жағдайдан келип шығып әмелге асырылады. Оны жалпы түрде енгизилген илаж сыпатында талқылаў дурыс емес.
Сонлықтан, бул қарар жыллық профилактикалық ҳүжжет болып, эпидемиологиялық жағдайға қарап тийисли илажларды белгилеў ушын мөлшерленген.
ӨзА