Өзбекстан мусылманлары басқармасы басшылары бир қатар орынларда болды

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығының орынбасарлары З.Эшонқулов, О.Қодиров, басқарманың бөлим баслықлары И.Зуҳриддинов ҳәм М.Камаловлар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пенен пайтахтымыздағы «Муҳаммед ибн Аҳмад аль Беруний» атындағы орта арнаўлы ислам билим журтында оқып атырған студент-жаслар менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында илим-мәрипат раўажланыўы жолында жаратылып атырған шараятлар ҳәм диний еркинликлер ҳаққында атап өтилди. Соңғы жыллары мусылманлар ибадатларын еркин орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылды: жаңа мешитлер, медреселер қурылды, илимий-ағартыўшылық орынлар ашылды, ҳәр жылы мыңлап жерлеслеримиз Ҳаж ҳәм Умра ибадатларын орынлаў бахтына миясар болып атырғаны атап өтилди.
Буннан соң билим журтындағы «Қуран ҳәм тәжўид» курсында оқып атырған ересек жастағы студентлердиң оқыў процеси менен танысты.

Мийманлар Орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешитинде жәмәәтлик песин намазынан соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының жумыслары менен танысып, тараўға тийисли пикир ҳәм усыныслар берди.
Нөкис қаласы «Алланияз қаҳарман» мәҳәллесинен жаңадан қурылып атырған мешиттиң қурылыс жумысларын көзден кеширди, қурылысшы усталарға ҳармасын айтты.
Мийманлар сапар даўамында Шымбай районындағы «Мүриўбет» ерлер интернат үйине барды. Олар мүриўбет үйиндеги тәрбияланыўшылар ҳәм мийнет жәмәәти менен ушырасып, бул жердеги жаратылған шараятлар менен танысты. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен интернат үйи тәрбияланыўшыларына еки дана кир жуўыў машинасы ҳәм үш дана реңли телевизор берилди.
Ушырасыў соңында Алла тааладан мүриўбет үйи тәрбияланыўшыларына денсаўлық, жәмәәт ағзаларының жумысларында табыслар тилеп, ийгиликли дуўалар етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги