Өзликти аңлаў жолында жоғалып баратырған психология

Психология – адамзат ой-пикириниң ең терең қатламларына кирип барыўшы, инсан санасы, сезимлери, минез-қулқы сырларын үйрениўге қаратылған әҳмийетли тараў есапланады. Бул тараў тек ғана шахсты аңлаў емес, ал жәмийеттеги өз-ара қатнасықлар ҳәм руўхый теңсалмақлылықты тәмийинлеўде де үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, инсанды түсинбей турып, жәмийетти түсинип болмайды. Соның ушын психология инсанды ҳәм адамзатты түсиниўге бағдарланған ең нәзик ҳәм жуўапкершиликли илимий бағдарлардан бири.
Бүгинги күнде психолог кәсибине болған ғалабалық көз-қараслар бираз әпиўайыласып кеткенин бийкарлап болмайды. Социаллық тармақларда “психолог” аты менен жумыс алып барып атырған көплеген шахслар өзин “психолог” деп жәриялаған болса да, әмелде бул тараўдың илимий тийкарларын терең түсинбеген ҳалда, жүзеки мотивациялық сүренлер ҳәм сезимге суўғарылған “тез мәсләҳәтлер” менен шекленип қалмақта.
“Ишки менди табың,” “Өзиңизди сүйиң,” “Ҳеш ким ушын өзгермең” сыяқлы сөзлер тийкарында психологиялық қатнастың бир бөлеги болыўы мүмкин, бирақ бул сөзлер илимий тийкарда анализленбесе, олар инсанды руўхый теңсалмақлылыққа емес, ал өзин ақлаў ҳәм басқаларды айыплаў ҳалатына алып келиўи мүмкин. Нәтийжеде, жәмийетте психология ҳаққындағы түсиник әпиўайыласады, бул кәсиптиң ҳақыйқый қәдири төменлейди.
Тийкарында ҳақыйқый психолог инсан руўхыятының “шыпакери,” сезим жағдайларының анализаторы ҳәм шахслар арасында эмпатия тийкарында байланыс қура алыўды қәлиплестиретуғын қәниге. Ол тек ғана мәсләҳәтши емес, ал шахстың ишки дүньясын аңлап, оның менен бирге шешим табыўшы жолдас болып табылады.
Психология – бул “тез байыў” ямаса “ғалабалық танылыў” қуралы емес, ал инсан турмысының ең нәзик тәреплерине жуўапкер илимий бағдар. Ҳәр бир психологтың жуўапкершилиги сонда, ол өз сөзлери арқалы инсан өмирине тәсир көрсетеди. Бир надурыс талқылаў ямаса жүзеки “мотивация” инсанның руўхый дүньясында из қалдырыўы, гейде болса оның қарарларына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Соңғы жыллары психология тараўы коммерцияласыў жолына кирип, көплеген “тез курслар,” “сертификатлы тренинглер” ҳәм “онлайн психолог” хызметлери көбейип кетти. Бул процесс бир тәрептен психологиялық билимлердиң ғалабаласыўына хызмет етсе де, екинши тәрептен оның илимий тереңлигин жоғалтпақта.
Бүгин айырым шахслар психологияны дәрамат дереги сыпатында көрип, инсан руўхый дүньясын үйрениў емес, ал сатыўды көбейтиўди мақсет етпекте. Бундай жағдай болса тек ғана қәнигеликтиң абырайын емес, ал жәмийеттиң бул тараўға болған исенимин де төменлетпекте.
Бунда тек ғана жалған психологларды айыплаў да дурыс емес. Ҳәр бир инсанның таңлаў мәденияты, өз машқаласына саналы қатнас жасаўы да әҳмийетли роль атқарады. Психологиялық жәрдемге мүрәжат етип атырған шахс бәринен бурын қәнигениң тәжирийбесине итибар бериўи, сөздиң тартымлылығына емес, дәлил ҳәм әмелий нәтийжеге сүйениўи керек. Себеби инсан өз өмириндеги машқалаларды шешиўде асығыслық ямаса эмоционал қарарларға берилсе, бул жаңа руўхий қарама-қарсылықларды келтирип шығарады. Психолог пенен ислесиў процеси, бул ишки өзгериў ҳәм өзин аңлаў мектеби. Ол бир түнде емес, избе-из қарым-қатнас, исеним ҳәм таллаў арқалы жүз береди.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде инсан психологиясы барған сайын қурамаласып бармақта. Стресс, мәлимлеме басымы, социаллық салыстырыў ҳәм санлы орталықта жасаў сыяқлы факторлар инсан руўхыйлығына күшли тәсир етпекте. Сол себепли психология пәнине талап ҳеш қашан бүгинги күндегидей жоқары болмаған. Бирақ бул талапты дурыс бағдарлаў, оны жүзеки “мотивациялық” сүренлерден ажыратыў жәмийеттиң улыўма мәдений ҳәм интеллектуаллық жуўапкершилиги болып табылады. Ҳақыйқый психологлар болса мине усы жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда, инсан психологиясына абайлылық пенен қатнаста болатуғын, эмпатия, анализ ҳәм инсанпәрўарлық тымсалларына айланыўы керек.
ӨзА