Самарқанд брендиниң жарқын келбети – илим, мәденият ҳәм дипломатия бирлескен мәкан

108

Самарқанд ЮНЕСКОның дүньядағы ең абырайлы, ҳәр бир мәмлекет өткере алмайтуғын конференциясына басшылық етпекте.

Ҳәзир қала көшелеринде ҳәрекет салыстырмалы шекленген, мийманханалар толы. Әдеттеги турмыс тәртиби бираз өзгерген. Ең әҳмийетлиси, самарқандлылар бул халықаралық илаждың ҳәр бир секунды мәмлекетимиздиң абырайына хызмет етип атырғанын жақсы аңлап турыпты.

Ҳәзир 190 нан аслам мәмлекет ўәкиллери, ЮНЕСКО жетекшилери, илимпазлар ҳәм журналистлер усы жерде. Илаж қатнасыўшыларының айырымлары менен сәўбетлестик. Төменде олардың пикирлерин келтиремиз.

– Өзбекстан өзиниң бай тарийхын дүньяға көрсетпекте, – дейди Грузия сыртқы ислер министри Мака Бочоришвили. – Биз де мәмлекетимиздиң мәдений мийрасы менен мақтанамыз. ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық бирге ислесиўге үлкен итибар қаратамыз. Тарийхы ҳәм мәденияты жоқары тийкар сыпатында бийбаҳа мийрасты халықаралық жәмийетшилик пенен бөлисиў биз ушын оғада әҳмийетли. Бул конференция мәденият ҳаққында пикир алысыў, түрли халықлар ҳәм мәмлекетлерди мәденият арқалы бирлестириў имканиятын беретуғын әжайып майдан болмақта. Бул жерде әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысып атырмыз. Тийкарғы мақсетимиз миллий мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, билимлендириў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм глобал машқалаларға биргеликте шешим табыў болып табылады.

Әнжуман қатнасыўшылары тек ғана ушырасыў ушын емес, ал Өзбекстан қандай мәмлекет екенин өз көзлери менен көриў ушын да келген. Бул жерде елимиз ҳаққында жаңа пикирлер, жаңа тәсирлер қәлиплеспекте. Мәмлекетимиздиң даңқы дүняға кеңнен жайылмақта.

– Өзбекстанның бул конференцияға басшылық етиўи оғада жоқары дәрежеде өтпекте, – дейди ЮНЕСКОның Жаңа Зеландиядағы Миллий комиссиясының ўәкили Исаак Кинг Моруга. – Бул әнжуманда мен еки әҳмийетли басламаны алға қойдым. Бәринен бурын, әўладлар арасындағы қарым-қатнасты күшейтиў зәрүрлигин атап өттим. Бул жәмийетимиз алдында турған ең әҳмийетли мәселелерден бири. Атап айтқанда, климат өзгериўи машқаласын шешиўде жаслар ҳәм үлкен әўлад биргеликте ислеўи керек. Бул процессте барлық тәреплер өз жуўапкершилигин сезинип, және де белсенди болыўы керек.

Екинши басламам төмендегише. Усы илажлар шеңберинде ЮНЕСКО Жаслар форумы да болып өтти. Онда 140 мәмлекеттен 150 жас делегат қатнасты. Бирақ олардың барлығы да өз елиндеги ЮНЕСКОның Миллий комиссиясы менен үзликсиз байланысқа ийе емес. Соның ушын жаслар ислеп шыққан идея ҳәм басламалардың форумнан кейин де әмелге асыўын қәлеймиз. Буның ушын Миллий комиссиялар менен тығыз бирге ислесиў орнатыў зәрүр. Усы жерде өзбекстанлы жаслардың форумдағы белсене қатнасыўын айрықша атап өтиў керек. Олар мәмлекеттиң түрли аймақларынан келип, делегатлар ушын қолайлы шараят жаратты. Өзбекстанның бай тарийхы, мәденияты ҳәм миймандослығын шын кеўилден көрсетти. Бул болса форумға жыллылық, қызғынлық ҳәм өзине тән руўх бағышлады.

Бундай әнжуманлар мәмлекетимиздиң келешектеги абырайына тәсир етеди. Өзбекстанда туризм раўажланады. Халықаралық дәрежеде исеним артады. Буны ҳеш нәрсе менен сатып алып болмайды.

– Өзбек халқының миймандослығына, кеңпейиллигине ҳәм бул үлкен илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенине таң қаламыз, – дейди ЮНЕСКОның Нидерландиядағы Миллий комиссиясының ўәкили Казлеен Гертруд Ферриер. – Самарқанд оғада гөззал, тарийхый қала екен. Биз ушын жаслардың қарар қабыл етиў процесслеринде белсене қатнасыўы оғада әҳмийетли. Усы конференция шеңберинде өткен ЮНЕСКО Жаслар форумында 140 тан аслам мәмлекеттен келген жаслар да пикир алысты. Бул жаслардың даўысын еситиў, оларды сиясий ҳәм жәмийетлик турмысқа тартыў бағдарында әҳмийетли қәдем болды. Ҳәр бир инсан, ол қандай мәденият, дин ямаса көзқарасларға тийисли болыўына қарамастан, өзин жәмийеттиң ажыралмас бөлеги сыпатында сезиўи зәрүр.

ЮНЕСКОның тийкарғы мақсети де инсанлар санасында тынышлықты беккемлеў болып табылады. Бул мақсетке инсанларды бирлестириўши қәдириятларды беккемлеў арқалы ерисилиўи айрықша әҳмийетке ийе.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Отабек МИРСОАТОВ(сурат),

ӨзАның хабаршылары