Ишки ислер уйымлары – халық тынышлығының таянышы

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын ҳәм ветеранларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Соны айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў, тараўды инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў, ашық-айдынлық орталығын күшейтиў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мәселелерине мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылмақта.
Тараў хызметкерлери өз ўазыйпасын минсиз атқарыў жолында, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы көплеген бағдарлар бойынша ийгиликли жумыслар алып барып атыр.
Өткерилген байрам салтанатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары менен сыйлықланған тараў ўәкиллерине ҳүрметли атақлар тапсырылды.

Сондай-ақ, жуўапкершиликли ўазыйпаларды атқарып киятырған бир қатар тараў ўәкиллери ҳәм ветеранлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары тийкарында көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң буйрығына тийкарланып, бир топар хызметкерлер көкирек белгиси, мүддетинен алдын арнаўлы шенлер ҳәм естелик саўғалар менен хошаметленди.
Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Байрам илажына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Б.Валиев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги