Жасалма интеллект ҳәм санлы инфраструктура бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын жеңилликлер бериледи

Қарақалпақстан Республикасында жасалма интеллект (ЖИ) ҳәм санлы инфраструктура жаратыў тараўларында баҳасы 100 миллион доллардан аслам болған жойбарларды әмелге асырып атырған сырт ел компаниялары ушын жаңа инвестициялық жеңилликлер тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 22-октябрь күни қол қойылған 189-санлы Пәрманы менен тастыйықланған бул жеңилликлер 2030-жылға шекем мәмлекеттиң жасалма интеллект ҳәм санлы инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған.
Атап айтқанда, баҳасы 100 миллион доллардан аслам болған жойбарларға инвестиция киргизип атырған инвесторлар Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын серверлер, график процессорлар (GPU) ҳәм суўытыў системаларын импорт етиўде бажыхана төлемлери ҳәм қосымша қун салығынан азат етиледи.
“IT Park” резидентлери, соның ишинде, бултлы ямаса жасалма интеллектке тийкарланған есаплаў хызметлерин экспорт етиўши кәрханалар, 2040-жылға шекем пайда салығы, мүлк салығы ҳәм жер салығынан азат етиледи. Сондай-ақ, сырт елли акционерлер ушын дивидендлерге ноль процент муғдарындағы салық ставкасы қолланылады.
Бул жойбарлар ушын электр энергиясының баҳасы ҳәр киловатт-саат ушын 0,05 доллар муғдарында (қосымша қун салығысыз) белгиленеди. Операторлар жүклеме ең жоқары болған саатларда энергия тутыныўын 20 процентке қысқартыўы ҳәм энергия тәмийнаты системасының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде улыўма жүклеме көлеминиң 30-35 процентин қаплайтуғын аккумуляторлы энергия сақлаў системаларын (BESS) орнатыўы шәрт.
Ҳүкимет талапларға жуўап беретуғын жойбарларды электр, суў, газ, жол ҳәм талшықлы-оптикалық байланыс сыяқлы сыртқы инфраструктура менен тәмийинлеп береди. Буның ушын инвесторлар өз қаржыларының кеминде 25 процентин киргизиўи талап етиледи. Буннан тысқары, инвесторларға халықаралық төлемлерди жергиликли банк есабынан өткерместен, тиккелей сырт ел тәмийнатшысы ҳәм жеткерип бериўшилери арқалы әмелге асырыўға руқсат бериледи. Буның нәтийжесинде халықаралық валюта өткермелери бойынша шеклеўлер бийкар етилип, ҳәкимшилик кешигиўлер қысқарады.
“Жойбарластырыў – сатып алыў – қурыў” модели қурылыс басқышларын бир ўақыттың өзинде алып барыў имканиятын берип, жойбарды әмелге асырыў мүддетин тоғыз айға шекем қысқартады. Мақулланған жойбарлар ушын жер майданлары тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен ажыратылады.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматовтың атап өтиўинше, бул баслама нәтийжесинде “IT-Park” жойбарының екинши басқышы жасалма интеллект технологияларын енгизиў менен үнлес ҳалда әмелге асырылады. Оның сөзлерине бола, жаңа объектлер график процессор инфраструктурасы менен үскенеленген дата-орайлар ҳәм ЖИ бағдарындағы стартапларды бирлестиретуғын ири жасалма интеллект орайына айланады.
– Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанды арнаўлы дата-орайлар регионына айландырыў усынысын алға қойып, 100 миллион доллардан аслам инвестиция киргизетуғын инвесторларға жеңиллетилген шараятлар жаратылатуғынын мәлим еткен. Бул баслама регионның раўажланыўына хызмет етип, ири санлы инфраструктура жаратыўға қызығыўшылық билдирген компанияларды тартыў имканиятын береди, – деди Ш.Шерматов.
Бағдарлама Қарақалпақстанды көп энергия талап ететуғын жасалма интеллект ҳәм мәлимлеме инфраструктурасы жойбарлары ушын және де тартымлы ҳәм бәсекиге шыдамлы аймаққа айландырыўға қаратылған болып, буның ушын аймақтың самал энергетикасы потенциалы ҳәм жер ресурсларынан пайдаланылады. Бундай объектлер тийкарғы түрде қайта тиклениўши энергия жойбарлары әмелге асырылып атырған, соның ишинде, Қоңырат районында қуўатлылығы 5 гигаваттлы самал электр станциясы қурылып атырған аймақта жайластырылады. Бул жойбар Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен Энергетика министрлиги менен 2024-жылдың май айында қол қойылған 6,2 миллиард долларлық келисим шеңберинде әмелге асырылмақта.
ӨзА