Халықаралық жарыс жеңимпазлары мүнәсип күтип алды

60

Оман мәмлекетиниң Маскат қаласында спорттың Регби-7 түринен қызлар арасында өткерилген Asia Rugby Emirates Sevens Trophy 2025 жарысында Өзбекстан сайланды командасы сыйлы 1-орынды ийеледи.

Қуўанышлы тәрепи сонда, команда қурамында қарақалпақстанлы қызларымыз да қатнасып, елимиздиң абырайын мүнәсип қорғады. Атап айтқанда, Н.Наўрызбаева, А.Абзиева, Ш.Алламбергенова, Ҳ.Алламбергенова ҳәм Н.Жумабаева жарыста белсене қатнасты.

Бүгин Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, Қарақалпақстан Регби федерациясының баслығы Сағындық Турманов спортшы қызларымызды жыллы жүзлилик бенен күтип алып, оларға ҳәм устазларына шын кеўилден миннетдаршылық билдирди ҳәм келеси жарысларда және де жоқары нәтийжелерди киргизиўине тилеклеслик билдирди.

– Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстаннан 5 қыздың қатнасыўы – бул бизиң регби федерациямыз ушын үлкен жетискенлик ҳәм мақтаныш,” – деп атап өтти Сағындық Турманов.

Илаж соңында спортшы қызларға естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы