Мақсет – исбилерменлердиң машқалаларын сапластырыў

130

Усы жылдың 19-август күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға муўапық Мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары белгилеп берилди. Атап өтилгениндей, бул тараўда соңғы жыллары исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, олардың ҳуқықларын исенимли қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Усы пәрманда исбилерменликти турақлы раўажландырыўға қаратылған имканиятлар, системада бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты, Қарақалпақстан Республикасы секторының бас инспекторы Ерназар Досанов айтып берди.

– Белгилеп берилген илажлардың ишинде, 2026-2027-жылларда исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, зәрүр финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятларды жаратыў ушын жәми 270 триллион сум қаратылыўы, 2026-жыл 1-майдан баслап исбилерменлик субектлерине кредит ажыратыў процесинде олардың төлеў қәбилетин баҳалаў ушын қәрежетлер, товар айланысы, экспорт операциялары сыяқлы мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллериниң мағлыўматлар базаларында бар мағлыўматлар арқалы альтернатив скоринг системасының енгизилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда қолайлықлар жаратыў ҳәм туризмди раўажландырыў мақсетинде сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын устав капиталында мәмлекетлик үлеси болмаған хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыў ҳәм өндириўге 2027-жыл 1-январьға шекем мораторий жәрияланды ҳәм мораторий дәўиринде мүддети өткен дебитор қарыздарлық жағдайлары сапластырылғанда қолланылған жәриймалар бийкар етиледи.

Туризмди раўажландырыў бағдарламасы енгизилип, оған муўапық, 2026-жылдан баслап жайластырыў қуралларын шөлкемлестириў ушын кеминде 5 мың гектар жер участкалары электрон онлайн аукционға шығарылады. 2026-2028-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен барлық категориядағы исбилерменлик субъектлерине мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке шекем кредитлер ажыратылады. Ҳәр жылы туристлердиң ең көп итибарына ийе болған ҳәм абырайлы халықаралық платформаларда унамлы тән алынған жайластырыў қуралларын анықлаў ҳәм сыйлықлаў бойынша сыйлық қоры 1 миллион АҚШ долларына тең болған таңлаў өткериледи. Кредитлерди ажыратыўда “Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы” АЖ тәрепинен кепиллик усыныў, процентлерди қаплап бериў механизмлери енгизиледи.

Салық төлеўшилерди хошаметлеў мақсетинде 2026-жыл 1-январьдан баслап айланыстан алынатуғын салық төлеминен биринши мәрте қосымша қун салығын төлеўге өткен исбилерменлик субъектлери бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиледи. Бир жыл даўамында қосымша қун салығы төлеўшиси сыпатында салық уйымларында есапқа қойыў тәртибин бузғаны ушын финанслық жәрийма қолланылмайды. Бухгалтерия хызметлери қәрежетлериниң ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 3,5 есесинен аспаған бөлегин төлеп атырған салық төлемлери есабынан шегирип тасланады.

Салық миннетлемелерин орынлаўдың проактив тәртиби енгизиледи. Мәселен, юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы ҳәм жер салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша салық есабатларын қәлиплестириў ўазыйпасы салық уйымларына өткериледи ҳәм бул миннетлеме салық төлеўшилер ушын бийкар етиледи.

Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң салық аудити нәтийжелери бойынша финанслық санкцияларды 6 ай ишинде тең үлеслерде төлеў ҳуқықы көшпели салық тексериўи нәтийжелери бойынша финанслық санкцияларға да енгизиледи. 2025-жыл 1-август ҳалатына “Салық қәўипин анықлаў, таллаў ҳәм баҳалаў” системасы арқалы салық тексериўлерине талабан сыпатында қәлиплескен 20 мыңнан аслам субъектке салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгилерин ықтыярлы сапластырыў имканияты берилген ҳалда, бул дизим 2025-жыл 1-ноябрь ҳалатына қайтадан қәлиплестириледи. Буннан тысқары, 2026-жыл 1-январьдан баслап көшпели салық тексериўин өткериўде мобиль видеокамерадан пайдаланыў мәжбүрий есапланып, мобиль видеокамерадан пайдаланбастан өткерилген тексериўлер нызамсыз есапланады.

Соның менен бирге, бул пәрманға муўапық, Жоқарғы суд Бизнес-омбудсман менен биргеликте исбилерменлик субъектлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға экстерриториал тәртипте мүрәжат етиў имканиятын жаратыў бойынша нызам жойбарын киргизиў ўазыйпасы жүкленген.

Экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға экстерриториал тәртипте мүрәжат етиў қағыйдаларының енгизилиўи судлар тәрепинен исбилерменлик жумысы менен байланыслы ислерди биринши инстанция судларында көрип шығыўда, келиспеўшиликлерди аймаққа байланыстырмастан бирден-бир электрон мәлимлеме системасында бөлистириў, даўагер ямаса жуўапкер жайласқан аймақтан келип шығып судлаўға тийислиликти белгилеў әмелиятын қайта көрип шығып имканиятлар жаратады. Исбилерменликке және де кеңирек еркинлик ҳәм шараят жаратыў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў, қадағалаўшы уйымлардың қадағалаў функцияларын әмелге асырыўда жуўапкершилигин арттырыў тараўында нызам ҳүжжетлери жетилистирилип атырған болса да, үйрениўлер айырым уйымлардың жумысында бул бағдарда елеге шекем кемшиликлерге жол қойылып атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың 9 айы даўамында қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде 10 мың 302 тексериў өткерилип, 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда тексериўлер 2 мың 484 ке көбейген. Тексериўлердиң 6 мың 654 и (64,5 процент) салық уйымлары, 1 мың 436 сы (13,9 процент) айрықша жағдайлар басқармасы, 993 и (9,6 процент) Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы және 1 мың 219 ы (12 процент) басқа қадағалаўшы уйымлар тәрепинен әмелге асырылған. Исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилген тексериўлерде жол қойылған нызам бузылыў жағдайлары бойынша усы жылдың 1-октябрь жағдайына жәми 51 қадағалаўшы уйымның жуўапкер хызметкерине ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары қолланылыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги