Социаллық қамсызландырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 29-октябрь күни социаллық қамсызландырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменликке тартыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси 2021-жылдағы 17 проценттен 6,8 процентке, кем тәмийинленген шаңарақ сыпатында напақа алыўшылардың саны болса 14 проценттен 6,1 процентке азайды.
Соның менен бирге, бүгинги күнде халықтың аўыр турмыслық жағдайларда дәраматсыз қалыўы ҳәм кәмбағаллыққа түсиўиниң алдын алыў мәселелери мәмлекетимиздиң турақлы итибарында.
Презентацияда бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер көрсетип өтилди.

Соның ишинде, жеке меншик секторда бәнт болған халықтың ҳәммесине де ҳәмиледарлық, ўақтынша мийнетке жарамсызлық ҳәм жумыстан босаў бойынша напақалар төлеп берилмей атыр. Бул жағдайды төлемлер көп жағдайларда ислеп шығарылатуғын өнимниң өзине түсер баҳасының артыўына алып келип атырғаны ҳәм бәсекиге шыдамлылыққа тәсир көрсетип атырғаны, жумыс бериўшилер напақаларды төлеўге артықша жүклеме сыпатында қарап атырғаны себепли исбилерменлер ушын бул система тартымлы емеслиги менен түсиндириў мүмкин.
Қалаберди, Халықаралық мийнет шөлкеминиң “Социаллық тәмийнаттың минимал нормалары ҳаққында”ғы ҳәм “Аналықты қорғаў ҳаққында”ғы конвенцияларына муўапық, туўыў ҳәм кеселлик бойынша напақалар социаллық қамсызландырыў механизмлери арқалы төлениўи белгиленген.
Презентацияда халықты социаллық напақалар менен қамтып алыўды арттырыў ҳәм миллий социаллық қамсызландырыў системасын халықаралық ҳүжжетлерге бейимлестириў мақсетинде ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.

Рәсмий бәнт болған барлық шахсларға напақалар басқышпа-басқыш Социаллық қорғаў қоры тәрепинен төлениўи жолға қойылады. 2026-жылдан баслап ҳаялларға ҳәмиледарлық напақасы, 2026-жылдың екинши ярымынан болса ўақытша мийнетке жарамсызлық напақалары төлеп барылады.
Жаңа системаның тийкарғы мақсети ҳаял-қызлар ҳәм жумысшылардың социаллық қорғалыўын күшейтиў менен бирге рәсмий мийнет қатнасықларын хошаметлеў екени атап өтилди.
Президентимиз усынысларды мақуллап, социаллық қамсызландырыў тараўын санластырыў, системаның ашық-айдын ислеўин, напақалар проактив түрде тайынланып, төлеп барылыўын тәмийинлеў бойынша анық тапсырмалар берди.
ӨзА