Финляндия Президенти Өзбекстанға келди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб 29-октябрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, оларда Өзбекстан менен Финляндия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.






Өз-ара саўда көлемин арттырыў, аўыл хожалығы, экология, химия, энергетика, санластырыў, таў-кән санааты ҳәм басқа да инновациялық тармақларда кооперацияны жолға қойыўға айрықша итибар қаратылады.
Мийнет миграциясы, мәденият, билимлендириў системасына алдынғы технологияларды енгизиў тараўларында бирге ислесиў мәселелери көрип шығылады.
Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме структураларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысады.
ӨзА