Самарқанд ЮНЕСКОның 43-сессиясына таяр

77

Самарқанд қаласы ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына пуқта таярлық көрмекте. Тарийхый қала мийманларды күтип алыўға таяр – жаңа инфраструктура, мәдений мийрас естеликлери реставрацияланып, халықаралық дәрежедеги илажлар ушын заманагөй шараятлар жаратылды. Сессия даўамында дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген делегатлар глобал мәдений мийрасты сақлаў, билимлендириў ҳәм илим тараўларында бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерин додалайды.

Самарқандтың бай тарийхы ҳәм бийтәкирар архитектуралық естеликлери усы абырайлы әнжуманның символлық баслаўшысына айланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги