Қурама Штатларда даўыстан да тез ушыўшы самолёт сынап көрилди

90

“Lockheed Martin” компаниясы тарқатқан баспасөз хабарламасында НАСА менен биргеликте жаратылған Х-59 маркалы даўыстан да тез ушатуғын самолёттың дәслепки сынақ ушыўы табыслы жуўмақланғаны мәлим етилген.

Атап өтилиўинше, бул самолёт Калифорнияның Палмдейл қаласындағы 42-ҳаўа күшлери базасы аймағындағы “Skunk Works” заводынан Эдвардс қаласындағы НАСАға қараслы Армстронг изертлеў орайының жанында жайласқан қоныў орнына ушқан.

– Х-59 реже бойынша анық иследи, белгиленген мәнзилге қәўипсиз қоныўдан алдын пәрўаз қәсийети ҳәм аэродинамика көрсеткишин тастыйықлады, – делинген компания мәлимлемесинде.

Даўыстан да тез ушыў технологиясын көрсетиўи нәзерде тутылған бул самолёт сес соққысын жумсартады. Бундай технологияның енгизилиўи жолаўшы ҳәм жүкти ҳәзирги ҳаўа лайнерлерине қарағанда еки есе тез тасый алатуғын жаңа әўлад қурылмасын жаратыўға жол ашады.

Келеси айларда “Lockheed Martin”  НАСА менен биргеликте биринши ҳақыйқый пәрўазды әмелге асырыўды режелестирген. Усы ўақыт ишинде самолёт мүмкин болған ең жоқары тезлик ҳәм бийикликке ерисиўи күтилмекте.

С.Раҳимов, ӨзА