Сербия Президенти Санлы технологиялар министрлигинде

121

Мәмлекетимиз басшысының мирәт етиўине бола мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич Өзбекстан Санлы технологиялар министрлигине барды. Жоқары мәртебели мийманды министр Шерзод Шерматов басшылығындағы жуўапкерлер қызғын күтип алды.

Рәсмий ушырасыў алдынан Санлы технологиялар министрлигиниң жумысы, мәмлекетимизде санластырыў процесиниң барысы ҳәм “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында видеоролик көрсетилди.

Презентацияда электрон ҳүкимет системасын жетилистириў, IТ-билимлендириўди раўажландырыў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм санлы инфраструктураны кеңейтиў бағдарында ерисилген нәтийжелер сәўлеленген.

Президент Александр Вучич елимизде кең көлемли санлы трансформация процеси жедел өтип атырғанына тоқтап, бул бағдардағы мәмлекетлик сиясат ҳәм басламалардың избе-излигин атап өтти. Сондай-ақ, Сербия ҳәм Өзбекстан арасында усы бағдарда тәжирийбе алмасыў, биргеликте технопарклер шөлкемлестириў ҳәм жас қәнигелер алмасыўын жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мийманлар “IТ Парк” жумысы, санлы хызметлер орайлары, электрон ҳүкимет системасының ислеў механизми ҳәм жас программистлер ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.

Бул ушырасыў Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Санлы технологиялар бағдарындағы өз-ара сөйлесиў болса еки мәмлекет арасында орнатылған заманагөй бирге ислесиў көпирин және де беккемлейтуғыны сөзсиз.

 

Мусылман ЗИЁ,

Муҳаммад АМИН (сүўрет), ӨзА