Кредит қарызын напақа ҳәм жәрдем пулларынан өндириў қадаған етиледи
115

Орайлық банк басқармасының “Банк хызметлери тутыныўшылары менен өз-ара қатнасықларды әмелге асырыўда коммерциялық банклердиң жумысына қойылатуғын минимал талаплар ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында”ғы қарары Әдиллик министрлигинде 2025-жыл 28-октябрь күни 3030-11-сан менен мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Усы режеге киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен төмендеги тийкарғы талаплар енгизилмекте:
- банклер тәрепинен қарыз алыўшы физикалық тәреплерге кредит миннетлемелери менен байланыслы болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлер ҳаққында мағлыўмат берилиўин нәзерде тутатуғын стандарт чек-лист түри әмелиятқа енгизилмекте. Бул чек-лист қарыз алыўшыларға кредит пенен байланыслы миннетлемелер ҳәм итималлық қәўип-қәтерлер ҳаққында алдыннан түсиник берип, оларды жуўапкершиликли қарар қабыл етиўге ийтермелейди;
- финанслық қыйыншылық себепли кредит төлемлерин өз ўақтында төлеўде қыйналып атырған қарыз алыўшылардың әмелдеги кредит шәртнамасына өзгерис киргизиў бойынша банктиң ишки тәртиби болыўы ҳәм оны тутыныўшыларға жәриялаў талабы белгиленбекте. Бул талап клиентлерди қыйын жағдайларда қоллап-қуўатлаў системасын раўажландырыў, кредитти реструктуризциялаў процесслерин ашық-айдын етиў ҳәм анық қағыйдаларды қәлиплестириўге хызмет етеди;
- айырым инсапсыз әмелиятларды шеклеў, атап айтқанда, тутыныўшыларды олардың сораўында көрсетилген муғдардан артық кредит алыўға шақырмаў, мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын социаллық напақа ҳәм жәрдем қаржыларына қарыздарлықты қаратпаў ҳәм кредит төлемлерин кестеде белгиленген сәнеге шекем талап етпеў белгиленбекте. Бул нормалар халықтың артықша қарыз алыўының алдын алады ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлайды;
- финанслық хызметлер көрсетилгенде тутыныўшының қәлеўин билдиретуғын ҳәр қандай белгилерди алдыннан орнатыў ямаса таңлап қойыў, кредит параметрлерин алдыннан толтырыў шекленбекте. Бул болса тутыныўшылардың қарар қабыл етиў еркинлигин тәмийинлейди ҳәм банк хызметлери шәртлерин ашық-айдын етеди;
- коммерциялық банклер тәрепинен тутыныўшыларға аманатларға кепиллик бериў системасы, кепиллик берилетуғын аманаттың түрлери ҳәм муғдары, компенсация бериў тәртиби ҳәм оны төлеў мүддетлери ҳаққында толық мағлыўмат бериў талабы енгизилмекте. Бул талап халықтың аманат қәўипсизлиги ҳаққындағы хабардарлығын арттырады ҳәм банк системасына исенимди беккемлейди.
Режеге киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар 2026-жыл 29-январьдан күшке киреди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги