Meta, Apple ҳәм Google Өзбекстанда 9 айда 125 миллиард сум салық төледи

102

Салық комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши 73 сырт ел компаниясы тәрепинен жәми 124,8 миллиард сум салық төленген.

Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 44 процентке көп.

Мағлыўмат ушын, бул салықлардың 93 проценти тек ғана 10 ири компания үлесине туўра келген. Meta – 35,2 миллиард сум, Apple – 35,1 миллиард сум, Google – 31,2 миллиард сум, OpenAI – 4,7 миллиард сум, Booking.com (https://booking.com/) – 2,9 миллиард сум, TikTok – 2,6 миллиард сум, Netflix – 1,3 миллиард сум, Асса – 1,1 миллиард сум, Zoom – 1,1 миллиард сум, Adobe – 1 миллиард сум салық төлеген.

“Google салығы” деп аталатуғын бул төлем түри 2020-жыл 1-январьдан күшке кирген болып, ол интернет арқалы көрсетилетуғын электрон хызметлер (бағдарламалық тәмийнат, онлайн ойынлар, электрон китаплар, музыка ҳәм оқыў материалларынан пайдаланыў ҳуқықы) ушын өндириледи.

Сырт ел интернет компаниялары салық төлеўши сыпатында арнаўлы ҚҚС офисинде дизимнен өтеди ҳәм ҳәр шерек жуўмақланғаннан кейинги айдың 20-сәнесине шекем есабат тапсырады.

Еслетип өтемиз, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында да бул компаниялар тәрепинен 78,2 миллиард сум салық төленген – бул да 2024-жылға салыстырғанда 42 процентке көп еди.

Ш.Маматуропова, ӨзА