Социаллық напақа ҳәм жәрдем пулларынан кредит қарызын өндириў қадаған етиледи

120

Орайлық банк коммерциялық банклердиң жумысын және де ашық-айдын ҳәм әдил етиў мақсетинде банк хызметлери тутыныўшылары менен қатнасықларда қойылатуғын минимал талапларды жаңалады.

🔹 Жаңа чек-лист енгизиледи – ол арқалы қарыйдар кредит алыўдағы барлық қәўип-қәтер ҳәм миннетлемелер ҳаққында алдыннан мағлыўмат алады.

🔹 Кредит төлемлерин кешиктирип атырған пуқаралар ушын шәртнаманы өзгертиў ҳәм жеңиллик бериў тәртиби белгиленеди.

🔹 Банклер пуқараларды артықша қарызға шақырмаўы, мәмлекетлик напақалар есабынан қарыз өндирмеўи ҳаққындағы қағыйдалар күшейтилди.

🔹 Клиенттиң разылығысыз алдыннан белгиленген белгилер яки кредит параметрлерин киргизиўге жол қойылмайды.

🔹 Аманатларға кепиллик бериў системасы ҳаққында анық ҳәм стандарт мағлыўмат бериў миннетлемеси енгизилмекте.

Жаңа нормалар 2026-жыл 29-январьдан күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги