Сербия Президенти Ислам цивилизациясы орайына барды

115

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.

Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич өмирлик жолдасы менен 29-октябрь күни Ташкент қаласында қурылған, Ислам архитектурасының ҳақыйқый дүрданалары ҳәм Өзбекстанның Үшинши ояныў дәўириниң тымсалы есапланған Ислам цивилизациясы орайына барды.

Жоқары мәртебели мийманға Бас министрдиң орынбасары О.Раматов ҳәм орайдың басшылары, илимпазлар менен биргеликте, дүньяда теңи-тайы жоқ бул үлкен архитектуралық комплекс және оның дүнья илиминдеги ҳәм ислам дүньясындағы орны ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Президент Александр Вучич орайдың музейи, көргизбе заллары, архив, мәлимлеме технологиялары орайы, қолжазбалар бөлими, каллиграфия ҳәм ислам мийрасын сақлаўға қаратылған инфраструктуралар менен танысты.

Сондай-ақ, орай аймағында шөлкемлестирилген Ислам академиясы, мәлимлеме-ресурс орайы, конференция залы ҳәм басқа да имаратлар өзине тән архитектуралық усылда қурылғаны менен мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Заманагөй қала қурылысы шараятында бундай архитектуралық естеликлердиң әҳмийети, Орайдың мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Әййемги архитектуралық дәстүрлер ҳәм миллий нағыслардың үйлесимлилигинде қурылған, төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли аркалар, орайда болса 65 метрли миллий усылдағы гүмбез қурылған бул имараттың саўлаты мийманларды өзине тартты.

Президент Александр Вучич орайдағы экспозициялар менен танысып, халқымыздың бай тарийхый ҳәм руўхый мийрасын кеңнен көрсетиўге қаратылған бундай жумыслар жоқары нәтийже беретуғынына исеним билдирди.

Абдулазиз РУСТАМОВ,

Рустам НАЗАРМАТОВ (сүўрет), ӨзА