Қурылыс шығындыларын қайта ислеў мәселелери додаланды

Пайтахтымызда Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзоқов пенен Уллы Британия экспортты қоллап-қуўатлаў агентлиги (UK Export Finance) ири корпоратив қарыйдарлар ҳәм халықаралық бағдар бойынша директоры және Бизнес топарының жәрдемши баслығы Эдвард Принс пенен ушырасыў болып өтти.
Қайта ислеў дәрежесин арттырыў, шығынды полигонларында топланыўдың алдын алыў, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтып, айланба экономика шеңберинде “ноль шығынды” принципин раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда пайтахтымызда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында сөз болды.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, Ташкент ҳәм Уллы Британия арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў Өзбекстан ҳәм Уллы Британия басшыларының қатаң сиясий ерк-ықрары және еки тәреплеме байланысларды, әсиресе, турақлы раўажланыў, жасыл экономика ҳәм заманагөй технологиялар тараўларында беккемлеўге болған өз-ара умтылысы тийкарында әмелге асырылмақта.
Ушырасыў даўамында тәреплер қурылыс шығындыларын қайта ислеў ҳәм пайтахттың шығындыларды утильизациялаў системасына экологиялық технологияларды енгизиў тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, бул сөйлесиў халықты шығындылар менен байланыслы хызметлер менен толық тәмийинлеў, олардың сапасын халықаралық стандартларға жеткериў, тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша избе-из илажларды әмелге асырыў шеңберинде өткерилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА