ЮНЕСКО Миллий комиссияларының 12-мәжилиси басланды

104

30-октябрь – 13-ноябрь күнлери Самарқандта өткерилиўи белгиленген ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде бүгин Самарқанд халықаралық туризм орайында ЮНЕСКО ислери бойынша Миллий комиссиялардың 12-мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисти ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Миллий комиссиясының баслығы Гаяне Умерова ашып берди ҳәм мәжилис баслығы етип сайланды.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде кеңестиң күн тәртиби мазмунға бай екенин ҳәм ЮНЕСКО жумысы ушын әҳмийетли бағдарларды өз ишине алғанын атап өтти.

Мәжилисте жаслар сиясатының раўажланыўы, мәмлекетлер, пуқаралық жәмийети ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, турақлы раўажланыў, инклюзивлик мәселелери додаланбақта.

Ғ.Ҳасанов, ӨзА