5-май – “Кәсип ҳәм мийнет күни” сыпатында белгиленеди

“Кәсиплик билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-316-санлы, 23.10.2025 ж.) қабыл етилди.
Төмендегилер кәсиплик билимлендириў системасын 2030-жылға шекем реформалаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди:
– халықаралық ҳәм биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың санын кеминде 250 ге жеткериў;
– 9-класс питкериўшилериниң кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыныўын әмелдеги 29 проценттен 50 процентке жеткериў;
– сырт елде тәжирийбе арттырыў ҳәм стажировка өтеў бағдарламаларында қатнасқан педагоглардың санын 100 ден 2 500 ге жеткериў.
Мектептиң 10-класс оқыўшыларына оқыўын техникумларға көшириўге рухсат бериледи.
2026-жылдан баслап 5-май күни “Кәсип ҳәм мийнет күни” сыпатында ҳәр жылы кеңнен белгиленеди ҳәм оның шеңберинде жәмийетшилик, әсиресе, жаслар арасында кәсиплердиң тартымлылығын арттырыў ҳәм кәсиплик билимлендириўди ғалаба ен жайдырыўға қаратылған илажлар системалы түрде әмелге асырылады – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги