Өзбекстан ҳәм Сербия қатнасықларында жаңа бағдар ҳәм үлкен имканиятлар жолы ашылмақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.
Өзбекстан ҳәм Сербия қатнасықлары бүгин жаңа мазмунға ийе болмақта. Еки мәмлекет арасындағы сөйлесиў тек ғана еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде емес, ал кең регионаллық байланыслар системасында әҳмийетли орын ийелемекте.

Бул қатнасықлар Өзбекстан сыртқы сиясатының тең салмақлы ҳәм прагматикалық бағдарын және бир мәрте көрсетпекте. Мәмлекетимиз кейинги жыллары тек ғана дәстүрий бирге ислесиўшилер менен шекленип қалмастан, географиялық жақтан узақ, бирақ экономикалық ҳәм мәдений жақтан жақын болған мәмлекетлер менен де қатнасықларды кеңейтиўге үлкен итибар қаратпақта. Сербия менен жақынласыў да усындай қатнастың әмелий көриниси болып есапланады. Бул сиясат тек ғана экономикалық мәплерге емес, ал регионлар арасындағы сиясий турақлылық ҳәм дипломатиялық теңликке хызмет етеди.
Экономикалық жақтан қарағанда, Өзбекстан – Сербия бирге ислесиўи еки тәреп ушын да жаңа базарлар есигин ашады. Машина қурылысы, фармацевтика, мәлимлеме технологиялары ҳәм агросанаат тараўларындағы шериклик жойбарлары экономикалық интеграцияның әҳмийетли ноқаты болады.
Келешектеги бирге ислесиў бағдарлары тек ғана экономика менен шекленбейди. Билимлендириў, илим, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы биргеликтеги бағдарламалар халықлар арасындағы дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлейди. Бул процессте Өзбекстан сыртқы сиясатының ашық-айдын көзқарасы айқын көзге тасланады.
Жоқары мәртебели мийман 28-октябрь күни “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплекс пенен қысқаша танысыў даўамында Сербия делегациясының ўәкиллерине бул ансамбльдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

“Жаңа Өзбекстан” бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монументке итибар қаратқан адам мине усы аўыр өтмиштиң көркем сүўретлениўине гүўа болады.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.
Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Қумай қусының сүўрети комплекстиң мисли гүлтажы сыяқлы көринетуғыны атап өтилди.
Буннан соң Көксарай резиденциясында Сербия Республикасы Президенти Александр Вучичты рәсмий күтип алыў мәресими өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.
Еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады. Әскерий оркестр намалары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтти. Рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Сербия Республикасы Президенти Александр Вучичтың рәсмий делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Сербия жетекшисин қызғын қутлықлап, бирге ислесиў дәўириндеги биринши саммит тарийхый әҳмийетке ийе болатуғынын ҳәм Өзбекстан – Сербия қатнасықларын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығатуғынын атап өтти.
– Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған жылда рәсмий сапарыңыз тарийхый ўақыя болып есапланады. Өзбекстан Сербияға үлкен қызығыўшылық пенен қарайды. Халықларымызды беккем дослық байланыслары ҳәм уқсас менталитет байланыстырып турады, – деди Өзбекстан Президенти.
Сөйлесиўлерде товар алмасыўды көбейтиў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў, агросанаат комплекси, туризм ҳәм көплеген басқа да әҳмийетли тармақларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
“Орайлық Азия – Балкан” бағдарында жаңа транспорт коридорларын, соның ишинде, Транскаспий коридоры шеңберинде раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде келеси жылы Ташкент қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.
Тәртипли мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.
Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич Биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Жетекшилер жанында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлер топламын қабыллаў мәресими де болып өтти. Соннан:
– Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында келисим;
– Экономикалық бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Медициналық хызметлер тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Инженерлик, алдынғы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм түрлес тараўлардағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Дипломатиялық кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Сыртқы ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў бойынша 2026-2027-жылларға мөлшерленген бағдарлама;
– Мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандум;
– Спорт ҳәм денетәрбия тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Ташкент ҳәм Белград қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында келисим.
Өзбекстан менен Сербия арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болды.
Ҳүрметли мийманлар қыябанында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Вучич еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық және шериклик қатнасықларын беккемлеўге, еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашыўға бирдей умтылыс белгиси сыпатында терек екти.

Сербия Республикасы Президенти Александр Вучичтың елимизге рәсмий сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары