Рәсмий сапардың ҳәр бир минуты әҳмийетли: Көксарайдағы дәстүр ҳаққында бир аўыз сөз (+видео)

Президентлер дәрежесиндеги рәсмий сапарлар мәмлекетлер арасындағы қатнасықлардың ең жоқары көринислеринен бири болып есапланады. Бул тек ғана протокол мәресими емес. Ол мәмлекеттиң дипломатиялық мәденияты, шөлкемлестириўшилик потенциалы ҳәм халықаралық абырайын көрсететуғын әҳмийетли ўақыя болып есапланады.
Бундай ушырасыўларда ҳәр бир тәреп, ҳәр бир минут дыққат орайында болады. Бунда символ ҳәм мәни үйлеседи.
Көксарай резиденциясында өтетуғын рәсмий күтип алыў мәресимлеринде ҳүрметли қараўыл сап тартады. Еки мәмлекет байрақлары көтерилген болады. Гимнлер жаңлағанда болса пүткил майданды ҳүрмет, қызғынлық ҳәм теңлик руўхы бийлеп алады.
Бул жағдайларда ҳәттеки ең майда болып көринген тәреплери де үлкен мәниге ийе. Қайсы мәмлекеттиң байрағы қайсы тәрепте турыўы, қайсы гимн биринши жаңлаўы, жетекшилер ҳүрметли қараўыл алдынан қай тәртипте өтиўи – барлығы халықаралық протокол талапларына муўапық болады. Бул теңлик ҳәм ҳүрмет белгиси сыпатында белгиленген.
Негизинде, бул мәресим дипломатиялық дәстүрлердиң бир бөлеги есапланады. Ол арқалы мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм қызғынлық дәрежеси көринеди. Мәмлекет басшысын қалай күтип алыў пүткил мәмлекетти қалай қәдирлеў менен тең, десек асыра айтқан болмаймыз. Соның ушын да бул мәресимлерде жоқары мәденият, миллий мақтаныш ҳәм миймандослық руўхы анық сезиледи.
Көксарай резиденциясында 28-октябрь күни әне усындай жоқары руўхтағы мәресим болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сербия Республикасы Президенти Александр Вучичти рәсмий күтип алды.
Қол берип көрисиў, байрақлардың жеңил желбериўи, гимнлердиң жаңлаўы сыяқлы жағдайлар еки халық арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышынан дерек берди.
Бүгинги күнде Өзбекстан халықаралық майданда ашық, тынышлықты сүйиўши ҳәм исенимли шерик сыпатында тән алынбақта. Бундай рәсмий мәресимлер болса мәмлекетимиздиң дипломатиялық мәденияты, абырайы ҳәм сыртқы сиясий бағдарындағы избе-изликти және бир мәрте көрсетеди.
Икром АВВАЛБОЕВ, ӨзАның хабаршысы