АҚШ Президенти Японияда (+видео)

Доналд Трамп Азия бойлап саяхатының еки күнин Японияда өткереди. Күншығыс мәмлекетине сапар Америка басшысының Азия бойлап ҳәптелик сапары дизиминдеги екинши мәнзил. Токиоға жетип келиўден-ақ Трамп Император Нарухито қабыллаўханасына жол алды.
Олар биринши мәрте 2019-жылы ушырасқан.
Evronewsтиң жазыўынша, гезектеги әҳмийетли илаж жаңа Бас министр Санаэ Такаити менен ушырасыў болып есапланады. Трамп Япония ҳүкимети тарийхындағы биринши ҳаял жетекши менен жеке танысыўды асығып күтип атырғанын мәлим етти.
– Санаэ бурынғы Бас министр, әжайып инсан Синзо Абэниң жақын шериги, досты сыпатында биз бенен де жақын, – деди АҚШ басшысы. – Мен исенемен, ол ҳүкимет баслығы лаўазымында да өзин жақсы көрсетеди!
Мағлыўматларға бола, Такаити Трамп пенен Америка өнимлерин сатып алыў көлемин арттырыў, кеме соғыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойыўды режелестирген. Күн тәртибинен қәўипсизлик мәселеси де орын алған.
Алдынырақ жаңа Бас министр мәмлекеттиң Екинши жер жүзилик урыстан кейинги дәўир ушын ең күшли қорғаныў системасын жаратыў нийетин жәриялаған еди. Токиодан Сеулге өтетуғын Трамп алдынырақ, егер қызығыўшылық билдирсе, Арқа Корея басшылығы менен де ушырасыўға таяр екенин айтқан.
Кенжа Бекжонов, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА