Брокколи жетистириў – перспективалы бизнес

Беруний районындағы «Бирлик» мәҳәлле пуқаралар жыйынында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ушын жаңа имканиятлар жаратылды.
Тәжирийбели дийқан Йўлдош Наримбетовтың басламасы менен мәҳәлледе жаңа аўыл хожалығы бағдары – брокколи жетистириў жолға қойылды. Бул диеталық капуста бүгинги күнде Қарақалпақстан шараятында да жетистирилип, тәжирийбели қыйтақ жер ийелери тәрепинен ишки базарға ҳәм экспортқа бағдарланыўы басланған. Нәтийжеде халықтың дәраматы артып, қосымша жумыс орынлары жаратылмақта.
Усы мәҳәлледе жасайтуғын үлгили қыйтақ жер ийеси Йўлдош Наримбетов брокколи жетистириўде 2 жыллық тәжирийбеге сүйенип, бул бағдарда үйренген билимлери усы жылы жетистирген зүрәәтинде өз нәтийжесин берди. Быйылғы жылдың август айында 1,5 гектар майданға егилген нәллер ҳәзирги ўақытта өз зүрәәтин берди. Ҳәр бир капуста 500 граммнан 1 килограммға шекем салмаққа ийе. 1,5 гектар майданнан жәми 15 тонна өним алыў мөлшерленбекте.
Тийкарғысы, бул палыз егинин жетистириў бойынша тәжирийбени басқа мәҳәллелерде де жолға қойыў, дәстүрий палыз өнимлерин жетистириўге салыстырғанда дәраматлы түрлерди егиў ҳәм бул бағдардағы көнликпелерди арттырыў халықтың және де абадан турмыс кешириўине, дәраматлы болыўына, жерден нәтийжели пайдаланыўға тийкар болып хызмет етеди.

– Капустаның бир түри болған брокколи витаминлер ҳәм пайдалы микроэлементлерге бай есапланады, – дейди «Дўстлик» ордени ийеси Йўлдош Наримбетов. – Оны турақлы түрде пайдаланыў иммунитетти беккемлеўге, ас сиңириў трактиниң жумысын оптималластырыўға ҳәм денеден холестиринди жоқ етиўге жәрдем береди. Брокколи тез өсетуғын палыз өними. Ол егилгеннен соң 60-80 күн ишинде жыйнап алыныўы мүмкин. Бир гектардан 15-20 тоннаға шекем өним алыўға болады. Бул палыз өними базарда жоқары талапқа ийе. Брокколи жетистириў – перспективалы бизнес имканияты болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги