Өзбекстанда мийўе-овощлардың сапасы бойынша биринши оқыў лабораториясы ашылды

69

Өзбекстанда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) жәрдеминде “Мийўе ҳәм овощлар сапасы стандартлары бойынша оқыў лабораториясы” шөлкемлестирилди. Бул лаборатория Өзбекстан стандартлар институты жанында жумыс баслады.

Жойбар UNDPдың “Орайлық Азияда саўданы раўажландырыўға жәрдемлесиў” басламасы шеңберинде әмелге асырылды. Қаржылар грант есабынан ажыратылған болып, мақсет мәмлекеттиң аўыл хожалығы өнимлериниң халықаралық базарларға шығыў потенциалын арттырыў, оларды халықаралық стандартларға муўапық баҳалаў ҳәм сертификатластырыў имканиятларын кеңейтиўден ибарат.

Жаңа оқыў лабораториясы заманагөй техникалық үскенелер менен тәмийинленген болып, онда мийўе ҳәм овощлардың сапа көрсеткишлерин баҳалаў, сынаў ҳәм тексериў усылларын үйретиў бойынша қәнигелер таярланады. Сондай-ақ, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң қатнасыўында тренинглер, әмелий семинарлар ҳәм тәжирийбе алмасыў илажлары турақлы шөлкемлестириледи.

Усы жылдың 28-октябрь күни болып өткен ашылыў мәресиминде БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии ханым қатнасты. Ол жаратылған лаборатория имканиятлары менен танысып, оның аўыл хожалығы өнимлериниң халықаралық саўдаға шығыўында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Лаборатория мийўе ҳәм овощлардың сапа ҳәм қәўипсизлик стандартларын баҳалаў, тексериў ҳәм муўапықлықты анықлаў бойынша халықаралық методикаларды оқытыў ушын мөлшерленген. Бул арқалы жергиликли қәнигелер сырт ел базарының талапларына сәйкес өнимлер жетистириў ҳәм экспортқа таярлаў көнликпесине ийе болады.

Бул баслама Өзбекстанның сапа инфраструктурасын беккемлеў, өнимлерди халықаралық талапларға муўапық баҳалаў системасын қәлиплестириў ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы экспорт бәсекиге шыдамлылығын арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте әмелге асырылып атырған бул жойбар мәмлекеттиң глобал саўда системасына интеграциясы ҳәм “Made in Uzbekistan” тамғасының халықаралық базардағы абырайын арттырыўға хызмет етеди.

                                                                              ӨзА