Жоқары билимлендириўде коррупцияны сапластырыўда қандай жумыслар әмелге асырылмақта? – Министрдиң хабары тыңланады

Нызамшылық палатасының мәжилисинде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.Шариповтың “Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳәм тараўда коррупция факторларын сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемесин тыңлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде билимлендириў системасында коррупцияның ҳәр қандай түрине қарсы гүресиў, тараўды коррупциядан жырақ системаға айландырыў мақсетинде санластырыў процесслерин кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдардағы илажларға қарамастан, жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў, студентлерди баҳалаў системасын ашық-айдын түрде жолға қойыў, мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелерин лицензиялаў және жасларда коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў бағдарында айырым машқалалар бақланбақта.
Соннан келип шығып, бул мәселе бойынша жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң мәлимлемесин тыңлаў ҳаққында тийисли қарар қабыл етилди.
ӨзА