Жаңа оқыў жылынан 9-класс питкериўшилери техникумларда бийпул оқыйды

“Профессионал билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Билимлендириў қадағалаўы Телеграм-каналы хабар берди.
Онда айтылыўынша, бул қарарға муўапық, 2030-жылға шекем 9-класс питкериўшилериниң техникумлар менен қамтып алыныўы 29 проценттен 50 процентке, дуал билимлендириў (жумыс орнында оқытыў) үлеси болса 9 проценттен 40 процентке жеткерилиўи режелестирилген.
Кәсипке бағдарлаў системасы
2026-жылдан баслап мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен баслап оқыўшыларды кәсип таңлаўға бағдарлаў системасы енгизиледи. 5 жастан “Әтирапымыздағы кәсиплер” ойынлары, 1-4-классларда “Кәсиплер әлипбеси”, 5-6-классларда “Кәсиплер дүньясы”, 7-9-классларда болса “Мениң келешектеги кәсибим” пәнлери енгизиледи. 2028-жылдан 9-класс жуўмақлаўшы имтиханларының нәтийжесине бола оқыўшылар техникумларға жибериледи.
Муғаллим ҳәм устазларды қоллап-қуўатлаў
2026-жылдан өндирислик билимлендириў устазларының мийнет ҳақысы биринши маманлық категориясына ийе муғаллимлер дәрежесине теңлестириледи. Ҳәр бир устаға 20 оқыўшыдан артық болмаўы белгиленди. Техникум директорларына усталар ушын ажыратылған мийнет ҳақы фонды шеңберинде ең кем айлық мийнет ҳақының 15 есесине шекем айлық белгилеў ўәкиллиги бериледи. Ҳәр жылы ең жақсы 50 уста ҳәм оқытыўшы сырт елде тәжирийбе арттырады.
Дуал билимлендириўдеги жеңилликлер
Дуал билимлендириўде билим алып атырған оқыўшыларға ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында стипендия төленеди. Бул дәўир мийнет стажына қосылады. Дуал билимлендириўди шөлкемлестирген жумыс бериўшилерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.
Миллий таӊлаў ҳәм рейтинг
2026-жылдан баслап Президент сыйлығы ушын “Кәсиплик шеберлик миллий таңлаўы” өткериледи. Миллий рейтингте ең жоқары елиўликке кирген техникумлардың ҳәр бири базалық есаплаў муғдарының 3000 есеси муғдарында хошаметленеди.
Мораторий ҳәм финансластырыў тәртиби
2030-жылға шекем техникумларды сапластырыў, олардың жер майданлары ҳәм имаратларын меншиклестириўге мораторий жәрияланады. 2026-жыл 1-сентябрьден 9-класс питкериўшилери техникумларда толық мәмлекетлик бюджет есабынан оқыйды, 11-класты питкерген талабанлар болса төлемли-контракт тийкарында оқыйды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги