Сербия Президенти “Жаңа Өзбекстан” бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

185

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.

Жоқары мәртебели мийман бүгин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов пенен биргеликте “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Комплекс пенен қысқаша танысыў даўамында Сербия делегациясының ўәкиллерине бул ансамбльдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

“Жаңа Өзбекстан” бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монументке итибар қаратқан адам мине, усы аўыр өтмиштиң көркем сүўретлениўине гүўа болады.

Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.

Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Қумай қусы сүўрети комплекстиң мисли гүлтажы сыяқлы көринетуғыны атап өтилди.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

Рустам НАЗАРМАТОВ (сүўрет),

ӨзА