Кекселерге ишки саяхатлар ушын арнаўлы шегирмелер енгизиледи

67

Кекселерди социаллық қоллап-қуўатлаў, дем алыс ўақытларын қызықлы ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў және халықтың ишки туризм бағдарларында белсене қатнасыўын хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 1-30-ноябрь күнлери мәмлекетимизде “Кекселер ушын туризм айлығы” өткерилмекте. Бул ҳаққында Экология министрлиги жанындағы Туризм комитети мәлим етти.

Бул баслама шеңберинде жайластырыў қураллары, транспорт хызметлери, мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерде бир қатар шегирмелер енгизиледи. Атап айтқанда, республика бойлап жумыс алып барып атырған мийманхана ҳәм дем алыў орынларының хызметлерине 20 процентке шекем ықтыярый шегирмелер әмел етеди.

“Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы 60 жастан асқан ер адамлар ҳәм 55 жастан асқан ҳаяллар ушын барлық эконом класстағы ишки рейс билетлерине 15 процентке шекем шегирме усынады. Усыныс 2025-жыл 1-30-ноябрь күнлери аралығында әмел етеди.

Сондай-ақ, “Өзбекстан темир жоллары” компаниясы усы категориядағы пуқаралар ушын барлық ишки жөнелислердеги поезд билетлериниң тариф бөлегине 20 процент шегирме жәриялаған (“Афросиёб” тезжүрер поездларынан тысқары).

Мәдений мийрас агентлиги қарамағындағы мәмлекетлик музейлер ҳәм мәдений мийрас объектлерине кириў билетлери ушын 10 процентке шекем, “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды қарамағындағы зыярат орынларына болса 20 процентке шекем шегирмелер енгизилген.

Саяхат даўамында қәўипсизлик ҳәм санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиў усыныс етиледи.

М.ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзАның хабаршысы