Нөкисте Франция мәденияты айлығы өткерилмекте

Усы жылдың 27-октябрь сәнесинен 30-ноябрге шекем Нөкис қаласында биринши мәрте Франция мәденияты айлығы өткериледи.
Усы бир ай даўамында пайтахтымызда Франция, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди сәўлелендиретуғын көплеген мәдений илажлар болып өтеди.
Бул бағдарлама И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы, Бердақ атындағы академиялық сазлы театр, Көркем өнер академиясы, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы бир қатар оқыў орынлары менен жақын шерикликте әмелге асырылмақта.



Мәденият күнлери шеңберинде, халыққа ҳәр қыйлы көргизбелер, концертлер, шеберлик сабақлары, француз художниклери, режиссёрлары ҳәм сазенделери менен дөретиўшилик ушырасыўлар болып өтеди. Соның ишинде мәденият айлығының тийкарғы ўақыяларынан бири сыпатында – ҳүжжетли кино ҳәптелиги, “Санлы гүз” санлы көркем өнер фестивалы, фотокөргизбелер, Триелен үшлигиниң концертлери ҳәм пианиношы Максим Зеккинийдиң жеке шығыўларын айтып өтсек болады.
– Мәденият күнлери шеңберинде ҳәзирги күнлери белгиленген бағдарлама бойынша Нөкис қаласындағы 1-санлы мектептиң жоқары класс оқыўшыларына француз ҳәм өзбек кинорежисёрлары тәрепинен түсирилген бир неше ҳүжжетли фильмлерди қойып берип, олардың түсириў мотивлери ҳәм шеберликлери ҳаққында оқыўшыларға кең түсиниклер берип атырмыз, – дейди ҳүжжетли фильм бойынша тәжирийбели режисёр Люк Товен. – Соңынан оларға өзлериниң ҳүжжетли фильмин жаратыўына жәрдем беремиз. Меннен басқа бул семинарда франциялы тәжирийбели режиссёр ҳәм саяхатшы Бруно Фроменто, ташкентли жас режиссёр Шерзад Назаров та қатнаспақта.
Қарақалпақстанға биринши мәрте келиўим. Бул жер маған унады. Арал теңизи ҳәм Савицкий музейи ҳаққында интернет арқалы мағлыўматларға ийемен. Енди усы сапар даўамында сол жерлерге барып саяхат етиўди де режелестирип қойыппан.
Нөкисте өткерилип атырған Франция мәденияты айлығы француз-өзбек мәдений қарым-қатнасын раўажландырыўда әҳмийетли басқыш, тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара бирин-бири байытыў ушын жаңа импулс болатуғынына исенемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы