Суд экспертлери палатасы шөлкемлестириледи

104

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Онда дәслеп «Суд – экспертлик жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Усы жойбар бойынша Әдиллик министриниң орынбасары Шерзод Раббиев толық мағлыўмат берди:

– Мәмлекетимизде суд-экспертлик тараўын және де эетилистириў, усы тараўдағы машқалалар бойынша илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм мәмлекетте суд экспертизасы теориясы ҳәм әмелиятын раўажландырыў, суд-экспертиза шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта, – деди министр орынбасары. – Бүгин әмелдеги нызам тараўға байланыслы бир қатар талапларды жетилистириўди талап етеди. Усы мақсетте ислеп шығылған бул нызам жойбары менен мәмлекетлик емес суд экспертлериниң ҳуқықый статусы белгиленбекте. Илимий жумыс пенен шуғылланыўшы мәкемелер (шөлкемлер) диң өз жумыс бағдары бойынша суд-экспертлик жумысын әмелге асырыўына рухсат бериў нәзерде тутылмақта.

Суд экспертизасы изертлеўлерин өткериўде алдынғы сырт ел тәжирийбесинен кеңнен пайдаланыў имканиятын жаратыў мақсетинде суд экспертизасын тайынлайтуғын уйымға (шахсқа) өз басламасы менен ямаса мәмлекетлик суд-экспертиза мәкемеси баслығының өтинишине тийкарланып суд эксперти сыпатында суд экспертизасы тараўындағы сырт мәмлекетлик қәнигелерди тартыў ҳуқықы берилмекте.

Суд-экспертлик жумысының исенимлилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде аккредитация ҳәм валидация институтлары енгизилмекте.

Буннан тысқары, адвокаттың сораўы ҳәм физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларына муўапық шәртнама тийкарында мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес суд экспертлери тәрепинен изертлеўлер өткериў ҳәм экспертлик жуўмақ бериў тәртиплери нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде 9 суд экспертлери мәкемелери бар. Бирақ суд экспертлериниң саны, ҳуқықый нормативлик ҳүжжетлерде олардың анық реестри жоқ. Сол себепли суд экспертлериниң реестрин жүргизиў енгизилмекте. Суд экспертлериниң жумысы бойынша кәсиплик этика ҳәм қағыйдалар, экспертизаны өткериўге байланыслы шеклеўлер де белгилеп қойылмақта.

Мәмлекетлик емес суд экспертлерин бирлестиретуғын, оларға жақыннан жәрдем беретуғын Суд экспертлери палатасын шөлкемлестириў ҳәм оның ўазыйпалары белгиленбекте. Бул палатаға ағзалық ықтыярый болады.

Нызам жойбарын ислеп шығыўда бир қатар сырт еллерде суд-экспертлик жумысын тәртипке салатуғын нормативлик ҳүжжетлер үйренип шығылды ҳәм жойбарды ислеп шығыўда инабатқа алынды.

Нызам жойбарындағы нормалар суд экспертлери жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, экспертиза жуўмақларының исенимлилигин және де арттырыўға хызмет етеди, – деди баянатши.

Мәжилисте депутатлар жойбарды жетилистириў бойынша пикир-таласлар ҳәм усынысларын билдирди. Көтерилген бир қатар сораўларға қәнигелер тәрепинен толық жуўаплар қайтарылды. Додалаўлардан соң нызам жойбары концептуал жақтан қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА