Климат өзгерислери ҳәм оның шешими жаслар нәзеринде

Самарқандта өткерилетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде бүгин әййемги қалада ЮНЕСКОның 14-Жаслар форумы өз жумысын баслады.
ЮНЕСКО ҳәм Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген форум жаслардың климат өзгериўине қарсы гүресиўдеги белсене қатнасын қоллап-қуўатлаў, олардың идеяларын глобал көлемде алға қойыў ҳәм турақлы келешекти қәлиплестириўде жигит-қызлардың даўысын күшейтиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Онда қатнасыў ушын дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен келген 150 жас жетекши, эксперт ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери “Климат ҳәрекети ҳәм оның социаллық тәсири, әсиресе, жаслар ушын” темасы бойынша өз-ара пикир алысыўы нәзерде тутылған.
Форумның ашылыў мәресиминде ЮНЕСКО Бас директорының социаллық ҳәм гуманитарлық илимлер бойынша жәрдемшиси Лидия Брито, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм департаменти баслығының орынбасары Элмурод Нажимов, Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң бас директоры Алишер Садуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, климат өзгериўи, экологиялық машқалалар бүгин глобаллық мәселеге айланып, дүньядағы барлық мәмлекетлердиң ҳүкиметин ойландырып атырғаны, экологиялық кризис көплеген апатшылықларға себеп болып атырғанын атап өтти. Бундай жағдайда бүгин ҳәм ертеңги күнниң шешиўши күши болған жаслардың басламалары менен идеяларын тыңлаў, олардың пикирлерине қулақ салыў оғада әҳмийетли болып есапланады. Форумда додаланатуғын мәселелер, ортаға тасланатуғын басламалар ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясы илажларында итибарға алынады, ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм мәмлекетлер делегацияларының қатнасыўында көрип шығылады.
– Өзбекстан Республикасы ЮНЕСКОның билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўлары менен бир қатарда экологиялық мәселелер бойынша шақырықларды да қоллап-қуўатлап, бул бағдарда исенимли позициясын көрсетип келмекте, – деди Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм департаменти баслығының орынбасары Элмурод Нажимов. – Буны 2025-жылдың елимизде “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы деп аталғаны мысалында да көриў мүмкин. Жылдың атынан келип шығып тастыйықланған мәмлекетлик бағдарлама тийкарында елимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Усы жылдың басында Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен биринши мәрте Арал мәденияты саммити өткерилди, дүньяның түрли мәмлекетлеринен жасларды бирлестирген “Арал мектеби” билимлендириў бағдарламасы иске қосылды. Бундай илажлар арқалы биз турақлы раўажланыўға тосқынлық ететуғын экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм олардың тәсирин жумсартыўға ериспектемиз.
“Generation of Action” (ҳәрекетти баслаў) сүрени астында өткерилген ашылыў мәресиминде түрли мәмлекетлердиң ўәкиллери климат өзгериўлериниң алдын алыў ҳәм экологиялық машқалалардың шешимлери бойынша баслама ҳәм идеяларын алға қойды, инновациялық шешимлер усыныс етилди.
Соның ишинде, испаниялы Карлото Бруно өндирис ҳәм санааттың раўажланыўы экологияға зыян келтирмейтуғынын, заманагөй технологиялардан пайдаланыўда олардың қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў зәрүрлигин атап өтти. Ҳәттеки, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси қаншелли әҳмийетли болмасын, бул бағдардағы санаатта да экологиялық турақлылықтың бузылыўына жол қойып болмайды.


















Мәмлекетимиз ўәкили Гүлназ Абутова Қарақалпақстан мысалында Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, усы аймақ халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзА