Геология тараўыныӊ имканияты алдыӊғы компетанциялар тийкарында арттырылады

Президент Шавкат Мирзиёев геология тараўына алдыӊғы халықаралық тәжирийбе ҳәм компетенцияларды енгизиў бойынша презентация менен танысты.
Мәжилисте мәмлекетимиздиӊ геология системасын заманагөй илимий ҳәм технологиялық тийкарда раўажландырыў, қазылма байлықлар бойынша ресурс базасын кеңейтиў және минерал шийки затты терең қайта ислеўди тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.

Дүнья тәжирийбеси геология-излеў жумысларын өткериў қыйын болған аймақларда да жасалма интеллект жәрдеминде жаңа кәнлерди анықлаў мүмкин екенлигин көрсетпекте. Бул бағдарда регионаллық изертлеўлерди кеңейтиў ҳәм заманагөй геофизикалық усыллардан пайдаланыў қолайлы болады.
Усы мақсетте жуўапкерлер халықаралық бирге ислесиўшилер, соның ишинде, кән-геология тараўында дүньяда алдынғы болған АҚШтың Колорадо кәншилик мектеби менен биргеликте илимий-изертлеў ҳәм әмелий қолланбаларды бирлестиретуғын заманагөй Компетенциялар орайын шөлкемлестириў жойбары ҳаққында мәлимлеме берди.

Орайдың тийкарғы ўазыйпалары излеў жумысларына санлы шешимлер, жасалма интеллект ҳәм аэро-геофизикалық технологияларды енгизиўден ибарат болады. Алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланып, мағлыўматларды санлы түрде таллаў, геохимиялық ҳәм космогеологиялық изертлеўлер нәтийжелерин интеграциялаў және перспективалы кәнлерди анықлаўды жеделлестириўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, тармақта халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў арқалы перспективалы майданларды анықлаў ҳәм өзлестириўди шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.
ӨзА