Өзбекстан Президенти АҚШ делегациясын қабыллады

51

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Кристофер Ландау ҳәм басқа да рәсмий шахслар да қатнасты.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын быйыл 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан Сержио Гор мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд Трамптың сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Жедел сиясий сөйлесиў, түрли дәрежедеги алмасыўлар ҳәм жедел исбилерменлик байланыслары жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, октябрь айының басында АҚШ Саўда палатасы делегациясының сапары табыслы өтти.

Қабыл етилген “жол картасы” тийкарында санаат, қаржы, әҳмийетли минераллар, энергетика, санластырыў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер қәўипсизлик, терроризм ҳәм экстремизм, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў тараўларында шерикликти беккемлеў мәселелерин де додалады.

Глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Болажақ илажлар режеси, соның ишинде, келеси ҳәпте Вашингтон қаласында “С5+1” форматындағы саммитти өткериў мәселелери көрип шығылды.

 

ӨзА