АҚШ ҳәм Қытай Трамп-Си ушырасыўы алдынан экономикалық келисимге еристи

Дүньяның еки ири экономикасы – Қурама Штатлар ҳәм ҚХР узақ даўам еткен финанслық урыстан кейин ақырында жаңа саўда келисими ушын тийкарғы келисимге еристи. АҚШ қаржы министри Скотт Бессенттиң сөзлерине бола, Трамп ҳәм Си Цзиньпин арасындағы ушырасыўда жуўмақ шығарылады.
– Биз еки мәмлекет жетекшилери ушын әҳмийетли келисимге еристик, – деди Бессент. – Тарифлер бийкар етиледи.
Келисим шеңберинде “TikTok”тың АҚШтағы жумысына байланыслы келисим жуўмақланған, сондай-ақ, Қытайдың сийрек ушырасатуғын жер элементлери экспортына қойылған шеклеўлер бир жылға кешиктириледи.
Трамптың Қытайдан импорт етилетуғын өнимлерге 100 процентлик бажы енгизиў қәўпи де ҳәзирше әмелге аспайды. Рәсмий Пекин болса буған жуўап ретинде АҚШ тан соя лобиясын сатып алыўды қайта баслайды.
Соңғы айлар даўамында Трамп ҚХРды “дүнья экономикасын гиреўге алып атырған” мәмлекет сыпатында сынға алған еди. Себеби – Пекин дүньядағы сийрек ушырасатуғын жер эелементлериниң 90 процентин қайта ислейди. Бул материаллар смартфон, қуяш панельлери, әскерий техника ҳәм басқа да жоқары технологиялар ушын әҳмийетли.
Келисимниң ең итибарлы бөлеги – “TikTok” бойынша жуўмақлаўшы келисим. АҚШ ҳүкимети алдын бул платформаны Қытайдың “ByteDance” компаниясынан ажыратып алыўды талап еткен еди. Енди келисимге бола, “ТикТок”тың АҚШтағы алгоритмлери америкалы компаниялар қадағалаўына өтеди, басқарыў кеңесиниң жети орнынан алтаўы болса мәмлекет пуқараларына тийисли болады.
Трамп бул мәселеде алдын кескин позицияда болған болса да, енди “TikTok”ты сиясий қоллап-қуўатлаў қуралына айландырған. Ол 2024-жылғы сайлаў кампаниясы ўақтында әйне усы социаллық тармақ арқалы жас сайлаўшылар арасында белгили болған.
Жетекши Азия бойлап сапары даўамында Малайзия, Камбоджа, Таиланд ҳәм Въетнам менен де жаңа саўда келисимлерине ерисилгенин жәриялады. Въетьнам 8 миллиард долларлық “Boeing” самолётларын сатып алады.
Экспертлердиң пикиринше, күтилип атырған Трамп-Си ушырасыўы саўда урысының кескинликлерин жумсартыўы мүмкин. Ҳәр еки тәреп те глобаллық базарларды турақластырыўға умтылмақта.
Мусулмон Зиё, ӨзА