5 Регбиши қызымыз турнир чемпиони болды

25-26-октябрь күнлери Оман мәмлекетиниң Маскат қаласында спорттың Регби-7 түри бойынша қызлар арасында Asia Rugby Emirates Sevens Trophy 2025 турнири болып өтти.
Чемпионатқа континетимиздиң ең күшли командалары қатнасып, жеңимпазлық ушын гүрес алып барды.


Шерек финалда Иорданияны 46:0, ярым финалда Қубла Кореяны 38:0 есабында жеңип шығыўға миясар болған Өзбекстан сайланды командасы, финалда Иранды 17:7 есабында артта қалдырыўға еристи ҳәм турнирдиң алтын медалы менен сыйлықланды.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын соны айрықша айтып өтиўимиз керек, бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Нуржамал Наўрызбаева, Айнура Абзиева, Шолпан Алламбергенова, Ҳулкар Олламберганова ҳәм Наргиза Жумабаевалар да қатнасып, сайланды командамыздың ҳәр бир жеңисине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.
Командамыз ағзаларын ҳәм олардың тренерлерин ерискен бул жетискенлиги менен қызғын қутлықлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы