UNICEF халықаралық қәнигелериниң қатнасыўында әмелий сабақлар басланды

106

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында “Мектепке шекемги билимлендириўден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў” жойбары шеңберинде үш күнлик семинар-тренинг өз жумысын баслады.

Илаждың тийкарғы мақсети – мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў, системада жумыс алып барып атырған қәнигелердиң кәсиплик потенциалын беккемлеў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин әмелиятқа енгизиўден ибарат.

Семинар-тренингти орай директоры ўазыйпасын  ўақтынша атқарыўшы Б.Изтилеуов ашып берди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ўәкиллери, сондай-ақ, UNICEFтиң ерте раўажланыў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәселелери бойынша қәнигелери ҳәм UNICEF халықаралық эксперти Кристиан Фабби қатнаспақта.

Семинар Ислам раўажланыў банкиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған “Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында раўажландырыў” жойбары, UNICEF ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликтеги “Мектепке шекемги билимлендириўден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў” жойбары, “Педагог ҳәм басшылардың потенциалын беккемлеў, кәсиплик таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын реформалаў” жойбары шеңберинде  шөлкемлестирилген.

Үш күн даўам ететуғын семинар-тренинг процесинде қатнасыўшылар ушын мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған теориялық ҳәм әмелий сабақлар шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги