Баслы мақсет – мәўсимди зыянсыз өткериў

107

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри Б.Қудратхўжаев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовлар республикамызда жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлердиң гүзги-қысқы мәўсимге таярлық ҳәм мәўсимди зыянсыз өткериў, ҳәр қыйлы унамсыз ақыбетлерге алып келиўши айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлардың жағдайын үйренди.

Атап айтқанда, “Тақыятас ЫЭС” АЖ ҳәм “Тақыятас нефтьбаза” ЖШЖ аймағында Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығы менен биргеликте гүзги-қысқы мәўсимде айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекетлениў, сапластырыў, халық ҳәм аймақты айрықша жағдайлардан қорғаў бойынша тактикалық оқыў шынығыўларында қатнасты.

Буннан тысқары, Қоңырат районындағы қуўатлылығы жылына 4,5 милллиард метр куб тәбийғый газди қайта ислеўге мөлшерленген ” Uz-Kor Gas Chemical” ҚК ЖШЖның мәўсимге таярлығы, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги