Дөретиўши өз аўылында китапхана қурды

Самарқанд ўәлаяты Ургут районының Дийқанабад мәҳәллесинде Олий Мажлис Сенатының ағзасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы, белгили жазыўшы ҳәм шайыр, публицист Абдусаид Кўчимовтың китапханасы ашылды.
Елимизде соңғы жыллары халқымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў, китап оқыўға қызығыўшылығын күшейтиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиз халықтың, әсиресе, жаслардың китапқа меҳирин арттырыўға айрықша итибар қаратып, “керек болса, машина берип, халқымызды китап оқыўға үйретемиз”, деген пикирлери бүгин өз нәтийжесин бермекте. Республикамызда “Жас китапқумар”, “Китапқумар шаңарақ”, “Китапқумар мәҳәлле” сыяқлы таңлаўларды өткериў дәстүрий түрге енип, жеңимпазлар Президент саўғасы сыпатында автомашина менен сыйлықланбақта. Абдусаид Кўчимовтың басламасы ҳәм Ургут районы ҳәкимлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген бул китапхана да мине усы ийгиликли ислердиң және бир айқын көриниси болды.
– Бул китапхананың жаратылыў тарийхы қызық болған, – дейди Абдусаид Кўчимовтың класслас достысы, көп жыллар билимлендириў системасында мийнет еткен мийнет ветераны Қуддус Асқаров. – Бир күни китап ҳәм китапқумарлық мәденияты ҳаққында сөйлесип отырғанымызда” итибар берип атырсыз ба, жора, Президентимиздиң қәлегениндей, жасларымыздың китапқа мүнәсибети бираз өзгерди, китап оқыўшылар көбейди, китапханалар толып қалды, – деди ол. – Жақсы билесиз, мениң жеке китапханамда да 10 мыңнан аслам китап бар. Оларды өзим жыйнағанман, перзентлерим алып келген, саўға еткен. Қәнекей, бул ғәзийнеден басқалар да пайдаланса. Ҳәр сапары аўылға барғанымда мектепке, ағайин-туўғанларыма саўға сыпатында алып бараман, қоңсы-қобаларға китапларды алып барып оқың, деймен. Келгени келип алады, бирақ үйге китап сорап келиўге тартынатуғынлар да бар ғой” деп қалды. Сол сөйлесиў ўақтында китапларды мектепке, қандай да бир китапханаға тапсырыў ямаса адамларға бөлип бериўди де сөйлестик, бирақ бир шешимге келе алмадық. Бир неше күннен кейин ярым ақшамда Абдусаид телефон етип қалды ҳәм “китапларды не қылыўдың жолын тапқандайман” деди. Хош, айтыңызшы, қандай жол екен, деп сорадым. “Жақсы билесиз, аўылдағы ата-анамнан қалған үйден ҳеш ким пайдаланбайды. Мен ҳәм балаларым да пайтахтта жасап атырмыз, ҳәр ўақытта бир аўылға барғанымызда да туўған-туўысқан, дос-яраның мийманшылығынан артпаймыз.
Усы үйдиң орнында бир китапхана шөлкемлестирсек ше. Китапларды жайластырамыз, ҳәм мәҳәллемиз, Ургут ушын және бир китапхана пайда болады”, деди. Дурыс, бул пикир мениң де кыялымнан өткен еди, бирақ достыма үйин китапхана ет деп айтыўға уялып тур едим. Оның сөзин еситип, көзимнен жас шығып кетти ҳәм “егер сиз сондай жақсы нийет еткен болсаңыз, бул истиң басында өзим турайын, дедим. Соның менен китапхана шөлкемлестириў ҳәрекетин басладық. Нийетимизден Ургут районы ҳәкимлиги басшылары хабардар болғаннан соң, олар бул басламаны қоллап-қуўатлады. Исбилермен ҳәм китапқумарлар бизге қосылды, мәҳәлле жәрдем берди. Усы тәризде еки жыл ишинде ески ҳәўлиниң орнында мине усы көркем китапхана бой тикледи.
Дөретиўши өзиниң жеке китапханасындағы китаплардан ҳәм өзиниң жигирмадан аслам шығармаларынан басқалар да пайдаланыўын қәлеп, бул ийгиликли исти баслаған еди. Жақсы нийетти қоллап-қуўатлаўшылар ҳәм бул мақсетке үлес қосыўды қәлеўшилер көбейди ҳәм он мыңға шамалас китап жыйналды.
Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан Миллий китапханасы бул ағартыўшылық дәргайын да өз тармағына қосып, ургутли китапқумарлардың мәмлекетимиз бас китапханасы фондындағы шығармалардан онлайн пайдаланыўына имканият жаратты.






Наўайы кән-металлургия комбинаты болса китапхананы заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеп, интернет арқалы Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технология университети китапханасы менен байланыстырды.
Мәҳәлледе китапхана шөлкемлестирилиўинен қуўанған ҳәм бул басламаның ғалаба ен жайдырылыўын қәлеген Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы да китапхана ушын онлаған компьютер топламын саўға етти.
Жаңа китапхананың ашылыў мәресиминде елимиздиң белгили илимпаз ҳәм зыялылары, дөретиўшилер, депутат ҳәм сенаторлар, китапқумарлар қатнасты.
Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Ҳусан Тўхтаев, Самарқанд мәмлекетлик университетиниң ректоры, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Рустам Холмуродов, “Халқ сўзи” ҳәм “Народное слово” газеталарының бас редакторы Ўткир Раҳмат, “Тасвирий ойина” дөретиўшилик аўқамының басшысы Исфандиёр Латипов ҳәм басқалар халқымыздың китапқумарлық мәдениятын арттырыў бағдарындағы жумысларды атап өтип, устаз дөретиўши Абдусаид Кўчимовтың бул басламасы да халық арасында китап үгит-нәсиятлаўды ғалаба ен жайдырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
– Абдусаид Кўчимов тек ғана қәлеми өткир журналист ҳәм жазыўшы емес, ал жүрегинде ели, халқы, әсиресе, жаслардың тәғдири ушын қайғыратуғын шын мәнәўият пидайысы, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо. – Дөретиўшиниң өзи туўылып өскен аўылында шөлкемлестирген китапханасы да бул пикиримизди тастыйықлайды. Бул жерде ағартыўшылықтың руўхы, устаз сөзиниң нәпеси ҳәм ибраты бар. Жаслар бул жерге тек ғана китап оқыў ушын емес, ал өз үстинде ислеў, турмыста дурыс жол табыў ушын да келеди. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы бул китапхананы аўқам тәрепинен басып шығарылған китаплар менен тәмийинлеп барыўды өз жуўапкершилигимизге аламыз.
Китапхананың ашылыўында қатнасқан мийманлардың барлығы бул илаж өзине тән ибрат сабағы болғанын атап өтти ҳәм дөретиўшилердиң көпшилиги усындай китапхана шөлкемлестириўге бел байлады.
– Устазымыз Абдусаид Кўчимов жоқары қәбилет, бай билим ҳәм тәжирийбеге ийе болса да, жүдә кишипейил, ҳақ кеўил, халықшыл инсан, – дейди “Ишонч” ҳәм “Ишонч-доверийе” газеталарының бас редакторы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Ҳусан Эрматов. – Мен ол инсан менен бирге ислесиў процесинде, ҳәзирги ўақытта да усындай инсаныйлық пазыйлетлериниң көп гүўасы болғанман, өзим ушын жуўмақлар шығарғанман. Өзи туўылып өскен аўылда усындай көркем ағартыўшылық орайын шөлкемлестиргени де Абдусаид ағаның ким екенлигин, қандай мақсет-ойлары бар екенлигин көрсетип тур. Бул жерде үлкен, салтанатлы турақ жай да қурыў мүмкин еди, усындай жол тутқанда да устазға ҳеш ким қарсылық билдирмес еди. Бирақ бул инсан мәҳәлле жаслары, ургутлилер көбирек китап оқысын, ағартыўшы болсын, деп усы ийгиликли иске қол урған екен, буннан тек қуўаныў, үйрениў, үлги алыў керек, деп ойлайман. Жеке өзимде де бүгин мине усындай китапхана шөлкемлестириў тилеги туўылды.
Ургут районының ҳәкими Дилмурод Саидқулов районнан көплеген дөретиўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар жетисип шыққанын атап өтип, район ҳәкимлиги олардың да халқымыздың мәнаўиятын арттырыўға хызмет ететуғын бундай басламаларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Ғолиб ҲАСАНОВ, ӨзА
Алишер ИСРОИЛОВ (сүўрет), ӨзА