Банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды тартыўды қадағалаў тәртиби белгиленди

106

Министрлер Кабинетиниң усы жыл 24-октябрьдеги 670-санлы қарары менен “Өзбекстан экономикасы ушын системалы әҳмийетке ийе ири кәрханалар тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды тартыў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Усы Реже системалы әҳмийетке ийе ири кәрханалар, олардың структурасына кириўши ҳәм өз-ара байланыслы кәрханалар топары тәрепинен банк кредити ҳәм сыртқы қарызларды тартыўды қадағалаў ҳәм мониторинг етиў тәртибин белгилейди.

Ири қарыздарлар финанслық жағдайына қарап 3 категория – “Төмен қәўипли,” “Орта қәўипли,” “Жоқары қәўипли” категорияға ажыратылады.

Егер ири қарыздардың финанслық жағдайы жаманласа, Комиссия тәрепинен оны финанслық саламатландырыў бойынша усыныслар бериледи.

Сондай-ақ, ири қарыздарлар егер Муўапықластырыў комиссиясының финанслық қарызды бийкарлаў ҳаққындағы қарарынан разы болмаса, суд тәртибинде шағым етиў ҳуқықына ийе болады.

ӨзА