Италия ҒХҚ: Брюссельдеги келисим Шавкат Мирзиёев басламаларының әмелий нәтийжеси

Брюссельде қол қойылған Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы күшейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим халықаралық басылымлар тәрепинен Президент Шавкат Мирзиёевтиң әййемги континентке сапарының логикалық ҳәм әмелий нәтийжеси сыпатында баҳаланбақта.
Италияның ANSA мәлимлеме агентлиги мәмлекетимиз басшысының сапары ҳаққында жәрияланған мақалада бул ҳүжжет 2024-жыл апрель айында Самарқандта болып өткен “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” саммитинде ерисилген келисимлердиң нәтийжеси сыпатында өз-ара қатнасықларды жаңа стратегиялық басқышқа алып шығатуғыны атап өтилген.
Европа кеңеси президенти Урсула фон дер Ляйенниң атап өтиўинше, “Өзбекстан Европа ушын Орайлық Азиядағы исенимли шерик болып қалмақта. Жаңа келисим пуқаралар мәпи жолында узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлейди”.
Келисим жасыл энергетика ҳәм санлы экономика тараўларында бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, Транскаспий коридоры арқалы регионаллық байланысларды күшейтиў ҳәм “Global Gateway” басламасы шеңберинде жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Италия басылымының жазыўынша, республикамыздың Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша сөйлесиўлерди жуўмақлаў Европа менен экономикалық шерикликти жаңа басқышқа көтериў имканиятын береди. Улыўма, Брюссельдеги келисим ЕА ҳәм Өзбекстан арасындағы сиясий исеним, экономикалық жақынласыў ҳәм стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышын баслап берди.
Дилшод ҲАКИМОВ, ӨзА