Қарақалпақстанда пахтадан бийик қырман жаратылды

145

Қарақалпақстан Республикасы пахтакешлери 2025-жыл зүрәәти ушын мәмлекетке пахта тапсырыў бойынша белгиленген режени толық орынлап, табысларға қол жеткерди.

2025-жыл өними ушын 80 мың гектар егислик майданға шигит егилип, 315 мың 200 тонна өнимди жыйнап алыў белгиленген еди. Пахтакешлердиң пидәкерлик мийнети себепли реже 315 мың 345 тонна етип орынланды.

Бул нәтийжеге ерисиў жолында Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Тақыятас районлары бириншилерден болып, өз режелерин орынлады. Буннан соң, Нөкис районы, Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Қараөзек районлары белгиленген шекти қолға киргизди. Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Кегейли районларының пахтакешлери де үлкен қырманға өзлериниң салмақлы үлесин қосты.

Соны да айрықша айтыўымыз керек, пахтадан мол қырман жаратыўда Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген – “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында алып келинген 1000 нан аслам жаңа техникалардың да үлеси салмақлы болды. Әсиресе, пахта териўди механизацияластырыў бағдарындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болған 60 тан аслам пахта териў машиналарының атызларда ҳәрекетлениўи зүрәәтти жыйнап алыўда пахтакешлерге айрықша күш-ғайрат бағышлады.

Бул жетискенлик ҳәр қандай ҳаўа райында күни-түни мийнет етип, пахта атызларында жанкүйерлик көрсеткен Қарақалпақстан Республикасы фермерлери, дийқанлары, кластер кәрханаларының жәмәәтлери, суўшылар, механизаторлар ҳәм барлық аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы хызметкерлериниң, соның менен бирге, жәрдемге мүтәж халқымыздың мийнетлерини      ң нәтийжеси болып есапланады.

Әлбетте, бул көтерилген жоқары қырман елимиз экономикасын беккемлеў, раўажландырыў ҳәм жаңа қуўатлықларды иске қосыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агенитлиги