Антонио Кошта: EPCA – ЕА ҳәм Өзбекстан қатнасықларының әҳмийетли басқышы

Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта социаллық тармақтағы бетинде Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан арасындағы кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисим (EPCA) “сиясий ҳәм экономикалық байланысларды тереңлестириў ушын әжайып тийкар болатуғынын” атап өтип, бул ҳүжжетти еки тәреплеме қатнасықлардың “әҳмийетли басқышы” деп атады.
Сондай-ақ, ол Президент Шавкат Мирзиёевқа сапары ушын миннетдаршылық билдирип, “ЕА исенимли шерик болып қалыўы ҳәм қоңсышылықтан таңлаў тийкарындағы стратегиялық бирге ислесиўге өтиў жолында бирдей екенин” атап өтти.

Бизге белгили, бүгин мәмлекетимиз басшысы Европа кеңеси ҳәм Европа комиссиясы Президентлери Антониу Кошта ҳәм Урсула фон дер Ляйен менен ушырасты.
Алдын тәреплер Брюссельде EPCA ға қол қойылыўы мүнәсибети менен биргеликтеги билдириў жәриялады. Ҳүжжетте атап өтилиўинше, бул келисим сиясат, экономика, турақлы раўажланыў ҳәм әмелий бирге ислесиўдиң басқа да бир қатар бағдарларындағы байланысларды кеңейтип, өз-ара қатнасықларды жаңа басқышқа көтереди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, ҳәзирги еки тәреплеме шәртнамалық-ҳуқықый базаны жетилистириўге хызмет ететуғын EPCA ЕА – Өзбекстан қатнасықларына узақ мүддетли турақлылық ҳәм анықлық бағышлаўы күтилмекте.
Абдуазиз ХИДИРОВ, ӨзАның хабаршысы