Зеленский Путинниң шәртине көнбекши емес (+видео)

138

Президент Владимир Зеленский Брюссельдеги саммитте Россияға ҳеш қандай аймақлық жеңиллик берилмейтуғынын айтты. “Euronews”тиң жазыўынша, Украина жетекшисиниң бул билдириўи Москва урысты тоқтатыўдан бас тартып, ЕА ҳәм АҚШ РФға жаңа санкция киргизгеннен соң жаңлаған.

Кремль талабын өзгертпей атыр: Қырым, Донецк, Луганск, Запорожье ҳәм Херсон үстинен қадағалаўды сақлап қалыў нийетинде.

АҚШ баспасөзи Путин Трампқа жаңа усыныс бергенине итибар қаратқан. Яғный, Украина өзиниң қадағалаўындағы Донбасстың бир бөлегин бериўи, оның орнына Херсон ҳәм Запорожье ўәлаятларының киши аймақлық бөлегин алыўы керек.

Гәп мәмлекеттиң шығысындағы Донецк ўәлаяты ҳаққында бармақта. Луганск пенен бирге Донбасс деп аталатуғын, ири санаат аймағы есапланған бул аймақты россиялылар 2014-жылдан берли толық қадағалаўға алыўға урынып келмекте.

Зеленскийдиң пикиринше, урысты ҳәзирги фронт шегарасы бойлап музлатыў ҳәзирги ўақытта ең мақул, тең салмақлы шешим болыўы мүмкин. Бул қарарды ол әскерий ҳәрекетти тоқтатыў жолындағы биринши қәдем сыпатында көрип атырғанын билдирген.

– Тилекке қарсы, Путин бул усынысты қоллап-қуўатлайтуғынына исенимим жоқ, – деген Зеленский.

Мағлыўматларға қарағанда, Киев Украина аймағында дәрриў ҳәм ҳеш қандай шәртсиз оқ атыўды тоқтатыў ушын ең дурыс жол деп есапланып атырған әне усы қатнасты Трамп пенен болып өткен дәслепки сөйлесиўден-ақ алға қойып келмекте. Кейинги басқышта болса Зеленский ҳәм Путинниң тиккелей сөйлесиўи нәзерде тутылған.

Кремль бул режеге келисим бермеди. Буннан кейин Москваға басымды күшейтиў ҳәм русларды ҳүжимди тоқтатыўға мәжбүрлеў мақсетинде АҚШ “Роснефть” ҳәм “Лукойл”ға санкция киргизди. Бул ҳаққында Қурама Штатлар қаржы министри Скотт Бессент былай деди:

– Путин биймәни урысты тоқтатыўдан бас тартқаны ушын Кремльдиң әскерий машинасын қаржыландырып атырған еки ири рус нефть компаниясына санкция қоямыз.

Путин журналистлер менен ушырасыўда атап өтиўинше, “бул шеклеўдиң айрықша тәсири сезилмейди.”

Кенжа Бекжонов, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА