Лувр музейинде әсир урлығы жүз берди

Дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, көркем өнер ықласбентлери халықаралық көлемдеги кеўилсизликке гүўа болды. Гәп сонда, жақында Париждеги белгили Лувр музейине уры түсти. Олар тоғыз зергерлик буйымларын, соның ишинде, француз маликалары ҳәм императорларына тийисли болған сырғалар, моншақ ҳәм басқа да баҳалы нәрселерди урлап кетиўге ерискен. Тонаўшылықтан көрилген зыян 88 миллион евроға баҳаланбақта.
Франция прокуратурасының мағлыўматларына бола, тонаўшылықты төрт адамнан ибарат топар бар-жоғы төрт минутта әмелге асырған. Үлке ишки ислер министри Лоран Нунестиң анықлық киргизиўинше, урылар музейге лифтке орнатылған зәңги жәрдеминде терезеден кирген.

Кейин ала, олар скутерлерде ўақыя орнынан қашып кеткен. Париж полициясының бурынғы хызметкерлеринен бири урылар ўақыя орнын алдын ала көзден өткерген, деп есаплайды.
Ғалаба хабар қуралларының жазыўынша, қуўанышлы тәрепи, музей коллекциясындағы салмағы 140 каратдан аслам болған “Регент” алмасы урланбаған. Ҳуқық-қорғаў хызметкерлери жынаятшылар сырт еллилер болыўы мүмкин екенлигин де бийкарламай атыр.
Мағлыўмат орнында айтыў керек: дүньядағы ең көп адам баратуғын Лувр музейи 1793-жылы ашылған болып, имарат бурын патшалық резиденциясы болған.

Қала прокуроры Лаура Бекконың атап өтиўинше, жынаятшылар зергерлик буйымларын еритип ямаса майда бөлеклерге бөлиўге урынса, оның қунын қаплаў қыйын. Сол себепли, ол жынаятшылардың пикирин өзгертип, қымбат баҳалы буйымларға зыян жеткермеўге үмит билдирмекте.
“Figaro” газетасының жазыўынша, Лувр музейиниң директоры Лоренс Дес Карс усы урлықтан кейин отставкаға шығыўы ҳаққында арза берген.
Ол отставкаға арза берди, бирақ бул бийкар. Президент Эммануэль Макрон соңғы күнлерде оған бир неше мәрте қоңыраў етип, “өзиңизди қолға алың” деген. Музейди оңлаў жумыслары тоқтап қалыўы ҳаққында сөз болыўы мүмкин емес, делинеди мақалада.
Соңғы мағлыўматларға қарағанда, “Telegram” қосымшасының тийкарын салыўшысы Павел Дуров социаллық тармақ арқалы Луврдан урланған зергерлик буйымларын қанаатланыўшылық пенен сатып алатуғынын ҳәм оларды Абу-Дабидеги музейге саўға ететуғынын мәлим еткен.

Бурынырақ, Дуров Луврдағы тонаўшылықтан таңланбағанын айтқан еди. Оның атап өтиўинше, бул Францияның кризиске ушырап атырғанының және бир белгиси, ҳүкимет халықты реал қәўиплерге қарсы турыўдың орнына қыялый қәўиплер менен алжастырып атыр.
С.Раҳимов, ӨзА